Латвия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Рейнис Трокштың байрам қутлықлаўы:

– Латвия ҳәм Өзбекстан дәстүрий түрде оғада жақсы қатнасықларды сақлап келген ҳәм биз бирге ислесиўмиздиң жаңа басқышларға көтерилип атырғанын көрип атырмыз. Халықларымыз арасында жақсы сөйлесиў жолға қойылған, бүгинги күнде көплеген өзбек студентлери Латвияда оқымақта. Бизиң бизнесимиз де Өзбекстан менен бирге ислесиўге барған сайын қызығыўшылық билдирмекте.

Өзбекстан Президентиниң басламасы менен әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаўдан мәпдармыз. Мәмлекеттеги түрли тараў, секторлар жеделлик пенен раўажланып атырғанына гүўамыз. Биз уллы мәмлекет ҳәм жәмийет қура алған Өзбекстанды жақсы көремиз, және де көп реформалар әмелге асырыўда жәрдем бериўге таярмыз.

Латвия ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў кеңейип атырғаны, сондай-ақ, барлық мәмлекетлер менен оғада жақсы бирге ислесиў жолға қойылғаны бизди қуўандырады. Биз  бул бирге ислесиў тек өсип емес, ал және де раўажланады, деп исенемиз. Бүгин көплеген бизнес делегациялар Өзбекстан шөлкемлестирип атырған илажларға барып, белсене  қатнаспақта. Исбилерменлер мәмлекетиңиз базарына үлкен қызығыўшылық билдирмекте, олар түрли бағдарларда инвестиция киргизиўге умтылмақта. Сонлықтан, пүткил дүнья биледи, республикада жақсы бизнес орталығы қәлиплескен, исбилерменликке кең имканият жаратылған.

Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан халқын болажақ Ғәрезсизлик күни менен қутлықлайман.  Кеңпейил ақ, меҳрибан елдиң пуқараларына абаданлық, беккем денсаўлық ҳәм ең жақсы тилеклерди жоллайман, мәмлекеттиң раўжланыўында және де үлкен жетискенликлер тилеймен. Көплеген реформалар әмелге асырылып атырғанын көрип атырмыз. Латвияның Өзбекстаннан үйренетуғын затлары көп. Биз усыған шын жүректен қуўанамыз ҳәм ерисилген прогрессти  жоқары қәдирлеймиз.

Беҳруз Худойбердиев, Нишонбой Абдувоитов (видео), ӨзА