Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ислеп шығылған «Тири тарийх» дүркин фильмлерин жаратыў жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Кинематография агентлиги директоры Шуҳрат Ризаев кейинги жылларда миллий кино көркем өнерин раўажландырыўдың жаңа басқышы басланғанын атап өтти. Бүгинги күнде миллий тарийхымыз ҳәм мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыў процеслерин көрсетиўге байланыслы көплеген жаңа фильмлер жаратылып, тамашагөйлерге усыныс етилди. Әсиресе, усы жылы 16-май күни Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң кино тараўының ўәкиллери менен ушырасыўы тараў хызметкерлериниң жуўапершилигин және де күшейтпекте.
Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 5-июньде қабыл етилген «Кинематография тараўын және де раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиз тарийхына бағышланған фильмлер дүркинин жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды барған сайын жоқарылатыў имканиятын берип атырғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Бул қарар кинематография тараўын жаңа басқышқа көтериў, миллий мәмлекетшилигимиздиң үш мың жылдан аслам тарийхын, уллы ата-бабаларымыздың илимий, мәдений ҳәм мәнаўий мийрасын көрсетиўши фильмлер дүркинин ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаўдай жақсы мақсетлерди гөзелегени менен әҳмийетли болып есапланады.
Ҳүжжетке бола, Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Кинематография агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Миллий кинематографияны раўажландырыў орайы, Өзбекстан киноғайраткерлери дөретиўшилик ассоциациясы ҳәм илимий-дөретиўшилик жәмәәтшиликтиң усыныслары тийкарында 2024-2027-жылларға мөлшерленген «Тири тарийх» фильмлер дүркинин жаратыўды нәзерде тутады.
Усы жойбар арқалы халқымыздың ески тарийхы ҳәм бай мәденияты, мәңги қәдирият ҳәм дәстүрлери, жақсы арзыў-нийетлерин терең илимий тийкарларға сүйенип, толық көрсетиў, тарийхымызда жарқын из қалдырған жәмийетлик-сиясий процесслер, илимпаз ҳәм ойшыллар, шайыр ҳәм әдебиятшылар, мәрипатсүйиўши жадид бабаларымыз, атақлы көркем өнер ғайраткерлериниң илимий-дөретиўшилик мийрасы, олардың дүнья прогрессине қосқан мүнәсип үлесин жоқары идеялық-көркемлик дәрежеде көрстиўдей ўазыйпалар белгиленген.
Бул жойбар 54 жаңа фильмди сүўретке алыўды нәзерде тутады. «Тири тарийх» дүркини шеңберинде дәслепки картина – «Баҳодир Ялангтўш» фильми мәмлекетимиздиң кең жәмийетшилигине унады. Ҳәзирги ўақытта усы картинаға сырт елде де үлкен қызығыўшылық билдирилмекте.
«Тири тарийх» дүркин бағдарламасы кино тараўындағы барлық дөретиўшилик күшлерди бирлестириў арқалы халқымызға жетик, көркем бәркамал шығармалар усыныс етиўди гөзлеўи менен әҳмийетли болып есапланады. Бағдарлама шеңберинде жас киношылар ушын тарийх ҳәм әдебият бойынша арнаўлы оқыў курслары да шөлкемлестирилетуғыны режелестирилген. Усы оқыў сабақлары елимиздиң жетекши илимпазлары, экспертлери тәрепинен алып барылатуғыны нәзерде тутылған. Оқыў курслары даўамында тарийхый темаларға қандай көзқарас ҳаққында илимпазлар, ири қәнигелер өзиниң пикирлери менен ортақласады.
«Тири тарийх» дүркин бағдарламасы шеңберинде «Мақтымқулы», «Уллы Әмир Темур ҳәм донна Мария», «Жулдызлар шуғласы: Жәмий ҳәм Наўайы», «Өзбек арысланы», «Хийўа лангари» ҳәм басқа да көплеген фильмлер кино ықласбентлериниң итибарына усыныс етиледи. Соның менен бирге, тарийхымыздың және көплеген бетлерин көрсетиўши «Гүлайым ҳәм қырыққыз», «Нур ҳәм зия», «Ал- Хорезмий», «Мырза Улығбек», «Шаҳобиддин Маржоний» ҳәм басқа фильмлер усыныс етиледи.
Баспасөз әнжуманында «Тири тарийх» дүркин бағдарламасы шеңбериндеги барлық фильмлер, усы жойбардан басқа сүўретке алынып атырған экран шығармалары, жаңа режелер ҳаққында кең ҳәм толық мағлыўматлар берилди.
Назокат Усмонова, Ойбек Пардаев (сүўрет), ӨзА