Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларына оқытыў, оларға менеджерлик сертификатын бериў ҳәм талабанларды лаўазымға тайынлаў системасын енгизиў ҳаққында» қарар қабыл етти.
Оған муўапық, 2025-жыл 1-январьдан баслап Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директоры ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институтында Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларында оқытыў ҳәм оларға арнаўлы портал арқалы менеджерлик сертификатын электрон түрде бериў системасы енгизиледи.
2025-жыл 1-сентябрьден баслап менеджерлик сертификатына ийе болған шөлкем директорына бул сертификаттың әмел етиў мүддети даўамында лаўазым мийнет ҳақысына ҳәр айда 30 процент үстемелер төленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармалары тәрепинен менеджерлик сертификатына ийе болған талабанлар арасынан шөлкем директоры лаўазымына талабанлар резерви қәлиплестириледи. Онда шөлкем директоры вакант лаўазымларына талабанлар тек ғана сертификаты бар талабанлар резервине киргизилген кадрлар арасынан сайлап алынады.
Қары Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлери директоры лаўазымына талабанлар ушын тәрбия процесслерин нәтийжели басқарыў бойынша контент материалларын ислеп шығыўда жәрдемлеседи.
Бул қарар менен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларына оқытыў ҳәм оларға менеджерлик сертификатын бериў тәртиби ҳаққындағы реже ҳәм Қары Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтының структурасы да тастыйықланды.
ӨзА