Өзбекстанның туризм потенциалы ҳәзирги ўақытта пүткил дүньяны өзине тартпақта. Мәмлекетимизге Япониядан туристлер санын арттырыў мақсетинде күн шығыс мәмлекетиниң «NHK» телеканалы дөретиўшилик топары елимизге келген еди. Сапар шеңберинде «NHK» телеканалының бағдарламасында Өзбекстанның туризм потенциалына байланыслы видеорепортаж берилди, делинеди Туризм комитетиниң мағлыўматында.

Онда Япония халқын Өзбекстандағы туризм имканиятлары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Ташкент ҳәм Самарқанд қалалары, Замин ҳәм Бостанлық районларындағы туризм инфаструктурасы, туристлик дәргайлары, бай мәдений мийрасымыз, өнерментлер дөретиўшилиги ҳәм сырт ел мийманлары ушын шеберлик сабақлары ҳаққында сөз болады.

Япония телеканаланың бағдарламасында Өзбекстанның ҳәр қыйлы миллий тағамлары, бай тарийхый естеликлери ҳәм сулыў тәбияты соның менен бирге, өзбек халқының миймандослығына айрықша итибар берилген. Буннан тысқары, көрсетиўде қалаларымызда сырт ел туристлери ушын жаратылып атырған қолайлық ҳаққында елимизде саяхат етип жүрген япониялы туристлер өз пикирлери менен ортақласқан.

Телерепортажда Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат  өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов мәмлекетимизде туризм тараўында жаратылған имканиятлар, алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм ерисилип атырған жетискенликлер ҳаққында айтып, япониялыларды мәмлекетимизге саяхат етиўге шақырды.

А.РУСТАМОВ, ӨзА