Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёвтиң  исбилерменлер менен ашық сөйлесиўинде атап өтилди

Президенттен баслап Бас министр, Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, ҳәкимлер, Саўда-санаат палатасы, Бизнес омбудсман -–барлық басшылар жыл бойы исбилермен менен турақлы қарым-қатнаста болды.

Исбилерменлер көтерген 700 ден аслам мәселе, баслама ҳәм жаңа жойбарлар қоллап-қуўатланды, 8 триллион сум қосымша қаржы ажыратылды. Санаат, аўыл хожалығы,  хызметлердиң раўажланыўы, исбилерменлик инфраструктурасы ушын және 18 триллион сум қаратылды.

Ең әҳмийетлиси – мәҳәлледеги микрожойбардан  баслап, мегажойбарға шекем қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система қойылды.

Алдынғы кредит, базар табыў, инфраструктура менен  байланыслы машқалалар, тынымсыз «тексериўлер» себепли 60 процент жаңа исбилерменлердиң жумысы биринши жылдың өзинде-ақ тоқтап қалатуғын еди.

Ҳәзирги күнде үш жылдан аслам ислеп атырған кәрханалардың үлеси 76 процентти қурап, биринши мәрте 300 мыңға жетти. Және 100 мыңнан аслам усындай жеке тәртиптеги исбилерменлер  бар.

ӨзА