Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёвтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўинде атап өтилди
Президенттен баслап Бас министр, Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, ҳәкимлер, Саўда-санаат палатасы, Бизнес омбудсман -–барлық басшылар жыл бойы исбилермен менен турақлы қарым-қатнаста болды.
Исбилерменлер көтерген 700 ден аслам мәселе, баслама ҳәм жаңа жойбарлар қоллап-қуўатланды, 8 триллион сум қосымша қаржы ажыратылды. Санаат, аўыл хожалығы, хызметлердиң раўажланыўы, исбилерменлик инфраструктурасы ушын және 18 триллион сум қаратылды.
Ең әҳмийетлиси – мәҳәлледеги микрожойбардан баслап, мегажойбарға шекем қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система қойылды.
Алдынғы кредит, базар табыў, инфраструктура менен байланыслы машқалалар, тынымсыз «тексериўлер» себепли 60 процент жаңа исбилерменлердиң жумысы биринши жылдың өзинде-ақ тоқтап қалатуғын еди.
Ҳәзирги күнде үш жылдан аслам ислеп атырған кәрханалардың үлеси 76 процентти қурап, биринши мәрте 300 мыңға жетти. Және 100 мыңнан аслам усындай жеке тәртиптеги исбилерменлер бар.
ӨзА