Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры Акмал Бурҳонов БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили сыпатында жаңадан тайынланған Акико Фужиини менен ушырасты.
Ушырасыўда өткен дәўир даўамында БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте әмелге асырылған әҳмийетли илажларға айрықша пәт берилди. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў ишки қадағалаў структуралары енгизилди. Мәмлекетлик уйымлардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың рейтинг системасы, коррупция қәўип-қәтерлерин баҳалаў имканиятын беретуғын “Е-Anticor.uz” электрон платформасы ислеп шығылды.
«Өзбекстанда коррупцияға қарсы миллий экосистеманы беккемлеў» атамасындағы ири бирге ислесиў жойбары әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген миллий стратегия жойбары ислеп шығылды, Финляндия, Литваның коррупцияға қарсы гүресетуғын уйымлары менен жедел байланыслар жолға қойылды.
Келешекте Коррупция машқалалары бойынша регионаллық орай, «Коррупциясыз тараў жойбар офиси»н иске қосыў, «Ашық-айдын қалалар» концепцияларын ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған баслама тийкарында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша журналистлердиң имканиятларынан үнемли пайдаланыў ҳәм олардың тәсирин және де арттырыў мақсетинде быйыл сентябрь айында болып өтетуғын биринши Медиа форумда да БМШ Раўажланыў бағдарламасы агентликтиң ең тығыз бирге ислесиўшилеринен бири болады.
Сондай-ақ, тәреплер Коррупцияға қарсы виртуал академияның жумысын жолға қойыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңеслердиң жумысын қоллап-қуўатлаў бағдарларында да биргеликте анық ҳәм мәнзилли ис-ҳәрекетлерди белгилеп алған.
Акмал Бурҳонов мине, усындай әҳмийетли мақсет ҳәм ўазыйпалар еки тәреп арасындағы байланысларды сапа ҳәм мазмун жағынан және де байытып, раўажланыўға хызмет етип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өз гезегинде, Акико Фужии бирге ислесиўдиң салмақлы нәтийжелерине айрықша пәт берип, өз-ара пайдалы байланысларды келешекте де жаңа пәтлерде даўам етиў бағдарында усыныс ҳәм пикирлерин бидирип өтти.
Ушырасыўда бирге ислесиў байланысларының жаңа басқышта даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
Н.Абдураимова, ӨзА