Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды.
Мәмлекетмиз басшысы дәслеп спортшыларымыздың Париж Олимпиадасындағы үлкен тарийхый жеңислери менен пүткил халқымызды шын кеўилден қутлықлады.
«Токио олимпиадасынан кейин жақсы нийет пенен топ-15 ке киремиз деп, алдымызға үлкен мақсет қойған едик. 208 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан жарыста спортшыларымыз жоқары шыдамлылық, уқыплылық көрсетип, дүньяда 13-орын, Азияда 4-орын, түркий, мусылман ҳәм ҒМДА мәмлекетлери арасында 1-орынды ийеледи. Бир қатар 3 спортшымыз «еки мәрте олимпиада чемпионы», деген жоқары мәртебеге ийе болды.
Бул Жаңа Өзбекстан жаслары нелерге уқыплы екенин пүткил дүньяға көрсетип, нәтийжелери тарийхымызда алтын ҳәриплер менен мөрленеди.
Барлық спортшыларымыз, олардың ата-аналары, устаз ҳәм тренерлери Жаңа Өзбекстанның шын мәнисиндеги қаҳарманлары! Олар менен қанша мақтансақ арзыйды, олар бизиң мақтанышымыз!» -деди Президент
ӨзА