Президент: барлық спортшыларымыз, олардың ата-аналары, устаз ҳәм тренерлери Жаңа Өзбекстанның шын мәнисиндеги қаҳарманлары!

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды.
Мәмлекетмиз басшысы дәслеп спортшыларымыздың Париж Олимпиадасындағы үлкен тарийхый жеңислери менен пүткил халқымызды шын кеўилден қутлықлады.
«Токио олимпиадасынан кейин жақсы нийет пенен топ-15 ке киремиз деп, алдымызға үлкен мақсет қойған едик. 208 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан жарыста спортшыларымыз жоқары шыдамлылық, уқыплылық көрсетип, дүньяда 13-орын, Азияда 4-орын, түркий, мусылман ҳәм ҒМДА мәмлекетлери арасында 1-орынды ийеледи. Бир қатар 3 спортшымыз «еки мәрте олимпиада чемпионы», деген жоқары мәртебеге ийе болды.
Бул Жаңа Өзбекстан жаслары нелерге уқыплы екенин пүткил дүньяға көрсетип, нәтийжелери тарийхымызда алтын ҳәриплер менен мөрленеди.
Барлық спортшыларымыз, олардың ата-аналары, устаз ҳәм тренерлери Жаңа Өзбекстанның шын мәнисиндеги қаҳарманлары! Олар менен қанша мақтансақ арзыйды, олар бизиң мақтанышымыз!» -деди Президент
ӨзА