Өзбекстан Республикасы Президенти «Орайлық Азия» халықаралық санаат кооперациясы орайы» еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Өзбекстан Республикасының «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы санаатының раўажланыў турақлылығын хошаметлеў, хожалық жүргизиўши субъектлердиң бәсекиге шыдамлылығы ҳәм инновациялық белсендилигин арттырыў, регионаллық ҳәм халықаралық қосымша қун шынжырларына жалғаныў ҳәм қолайлы инвестиция орталығын жаратыў мақсетинде 2023-жыл 9-ноябрьде Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қазақстан Республикасы Ҳүкиметлери арасында «Орайлық Азия» халықаралық санаат кооперациясы орайының жумысын тәртипке салыў ҳаққындағы Келисимге қол қойылған еди.

Усы қарарға муўапық, Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Сырдәрья районындағы 50 гектар  суўғарылатуғын жер участкасы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге мөлшерленген жерлер категориясына өткериледи ҳәм бул жер участкасында «Орайлық Азия» халықаралық санаат кооперациясы орайы» еркин экономикалық зонасы шөлкемлестириледи.

Орайдың жумыс ислеў мүддети 30 жылды қурайды ҳәм бул мүддет кейин ала нызамға муўапық созылыўы мүмкин.

Орайдың жумысы даўамында оның қатнасыўшыларына еркин экономикалық зоналар қатнасыўшылары ушын белгиленген өз алдына салық, бажыхана жеңилликлери ҳәм басқа да преференциялар қолланылады.

Орай аймағына санаат кәрханаларын өндирис процесине тартыў ҳәм импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыўды жолға  қойыў арқалы санаат кооперациясы кеңейтиледи.

«Бир айна»,  интерактив механизмлерге тийкарланған бажыхана, сертификатластырыў, фитосанитария, ветеринария, транспорт, банк ҳәм валюта алмасыў, уялы байланыс, сондай-ақ, қарыйдарлар ушын медицина, мийманхана, автотранспорт қуралларына техникалық хызмет көрсетиў ҳәм басқа да хызметлер жолға қойылады.

Орай аймағында тек ғана Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасында ислеп шығарылған өнимлер ислеп шығарыў сертификаты қадағалаўы астында реализацияланады;

юридикалық шахслар тәрепинен Орай аймағында өндирис жумысы Өзбекстан Республикасы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген талапларға муўапық әмелге асырылады;

Өзбекстан Республикасы аймағында болған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар Орай аймағына өз алдына қадағалаў өткериў пункти арқалы ҳәрекетлениў ҳүжжетлери тийкарында өтеди ҳәм оларға тек ғана кирген қадағалаў өткериў пункти арқалы артқа қайтыў рухсат етиледи;

Орай аймағында шахслар, транспорт қураллары ҳәм жүклер еркин ҳәрекетленеди.

Қазақстан Республикасы ҳәм усы мәмлекет арқалы келетуғын сырт ел пуқаралары ушын Орай аймағына арнаўлы қадағалаў өткериў пункти арқалы визасыз тәртипте, шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет пенен кириў, 15 күн даўамында аймақта болыў ҳәм кирген қадағалаў пункти арқалы шығыў имканияты жолға қойылады.

ӨзА