«Өзбекстан –2030» стратегиясында 2030- жылға барып экономика көлемин еки есеге арттырып ҳәм «дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер » қатарына кириў нәзерде тутылған.

Бул процессте тийкарғы ислеп шығарыўшы болған исбилерменлер қалай қоллап-қуўатланбақта?  Бул ҳаққында Бизнес омбудсман Ташкент қаласы секторы жетекши инспекторы Баҳром Бобомуродов төмендегилерди атап өтти’

-Стратегиядағы миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери әҳмийетли орын тутады.

Буның ушын болса исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳуқықларын қорғаў керек. Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкиллик  (Бизнес омбудсман) институты избе-из жумыс алып бармақта.

Бизнес омбудсманға исбилерменлердиң жеке мүлкке тийисли ҳуқықлары бузылыўына жол қойған жуўапкер тәреплерге байланыслы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша кепиллик берилди.

Жаңа, структурамыз енди тек ғана жазба ескертиўлер емес, усыныснамалар киргизиў арқалы, ал ҳәкимшилик жуўапкерлик механизмин иске қосқан ҳалда жеке мүлкке қатнас жағдайларына қарсы гүреспекте.

Өткен жылы исбилерменлерден Бизнес-Омбудсманға 8,6 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен болса, оның  50 проценти бойынша исбилерменлердиң ҳуқықлары тикленди.

Усы жылы исбилерменлердиң жумысында өткерилген тексериўлердиң нызамлылығы мониторинг етилгенде қадағалаў уйымлары тәрепинен нызамсыз тексериўлер өткерилгени, айырым жағдайларда тексериў өткериў тәртиби бузылғанлығы анықланған.

Нызам бузылыўы жағдайлары бойынша 1 мың 303 жуўапкер тәрепке байланыслы ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестирилген, 70 хызметкерге интизамий жаза қолланылған.

Жақында елимизде 20- август –Исбилерменлер күни белгиленеди. Бул сәне исбилерменлеримиз ушын тек ғана байрам емес, ал машқалаларын шешиў ушын үлкен имканиятлар есигин де ашып атырғанлығын айтып өтиўимиз керек.

Себеби Мәмлекетимиз басшысының сәне мүнәсибети менен исбилерменлер менен ушырасып, ашық сөйлесиўи дәстүрге айланды.

Бундай ушырасыў ең биринши рет 2021-жыл 20-август күни шөлкемлестирилген еди. Мәмлекетимиз басшысының усынысы менен бул сәне мәмлекетимизде «Исбилерменлер күни» етип белгиленди.

2024-жыл 30-майда Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер менен ашық сөйлесиўди және де нәтийжели өткериў ушын «Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Онда исбилерменлердиң машқалаларын ҳәм усынысларын тиккелей үйрениў, исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша ҳәр жылы өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша илажлар белгиленди.

Усы мақсетте республикалық комиссиясы дүзилди. Аймақларда исбилерменлердиң машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў бойынша жумысшы топарлардың хызмети жолға қойылды.

Ҳәзирги күнлерде исбилерменлердиң мүрәжатлери ҳәм усынысларын күни түни қабыллаў ҳәм улыўмаластырыў, системалы машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, исбилерменлердиң айрықша мәселелерин орынларда тезлик пенен шешиўди шөлкемлестириў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен 2024-жылдағы ашық сөйлесиўи Қарақалпақстан Республикасында өткерилетуғынын айтып өтиўимиз керек.

                                                                                   ӨзА