«Майыплардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенцияның 11-статьясы «Кәўипли ҳәм айрықша гуманитарлық жағдайлар»ға бағышланған.
Оған бола, қатнасыўшы мәмлекетлер майыплығы болған шахсларды қәўипли жағдайда, айрықша гуманитарлық жағдайлар ҳәм тәбийғый апатшылықлар жағдайында қорғаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў ушын барлық зәрүрли илажларды көретуғыны белгиленген.
«Айрықша жағдайларда майыплығы болған шахсларға жәрдем көрсетиў» темасында Ташкентте өткерилген дөгерек сәўбетинде усы ҳаққында сөз етилди.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм Өзбекстан майыплар ассоциациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ҳәм майыплығы болған шахслардың жәмийетлик шөлкемлери, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери ҳәм халықаралық экспертлер қатнасты.
Илаж даўамында айрықша жағдайлар дәўиринде майыплығы болған шахслар ҳәм басқа ҳәрекети шекленген шахслардың жасаў ҳәм денсаўлық ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша исленген жумыслар ҳәм перспективадағы режелер бойынша додалаўлар алып барылды.
Қатнасыўшылар майыплығы болған шахсларға айрықша жағдайларда жәрдем бериўге мөлшерленген сырт мәмлекетлерде ислеп шығарылған ең жаңа үскенелер менен танысыў имканиятына ийе болды.
Республикалық жедел хызмет тәрепинен жоқары оқыў орынларында айрықша жағдайларда пуқаралар, соның менен бир қатарда, майыплығы болған шахслардың ҳәрекетлениўи бойынша оқыў сабақлары өткерилип атырғаны атап өтилди.
Додалаўлар айрықша жағдайларда майыплығы болған шахслар ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы орталық жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Илаж жуўмағында қатнасыўшылар усы тараўда бирге ислесиўди даўам етиў ҳәм басламаны және де раўажландырыўға үмит билдирди.
Н.Абдураимова, ӨзА