Президентимиз Халқаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған мәжилисте ҳаял-қызлар исбилерменлигин жаңа басқышқа көтериў ҳәм олардың бәнтлигине жәрдемлесиў бағдарында бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.

Усы мақсетте 2024-жылы 7-мартта мәмлекетимиз басшысының «Ҳаял-қызлардың исбилерменлигин жолға қойыў ҳәм раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлиги мәселелери комитети тәрепинен ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ушын грант қаржыларын (100 миллион доллар) тартыў мәселесине бағышланған мәжилисте усы ҳаққында сөз болды.

Илажда кейинги жыллары мәмлекетимизде киши бизнес, жеке меншик ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Жыл басынан 3,5 миллиард долларлық 3 мың жойбар иске қосылды. 76 мың жоқары дәраматлы турақлы жумыс орны жаратылды. Исбилерменлик ушын 82 триллион сумлық кредит ҳәм 15,5 триллион сумлық субсидия берилип, 600 мың халық бизнеске тартылды.

Ҳаял-қызлардың исбилерменлик жойбарларын кеңнен қоллап-қуўатлаў мақсетинде грантлар, техникалық жәрдем ҳәм басқа сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын жедел тартып, сырт мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм қорлар менен байланысларды раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар да додаланды.

Илажда министрлик ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ўәкиллерине грант алыў бойынша усыныслар таярлаў ҳәм бериў тәртиби ҳаққында түсиниклер берилди.

Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Инвестициялар санаат ҳәм саўда министрлигине сырт елдеги ўәкилханалар менен биргеликте халықаралық донор шөлкемлер менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў ҳәм таярлаған усынысларды оларға жеткериў бойынша көрсетпелер берилди. Онда Саудия Арабстаны, Қатар, Япония, Қубла Корея ҳәм Германия сыяқлы мәмлекетлерге айрықша итибар қаратыў кереклиги айтып өтилди.

Жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте 14 бағдарда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға халықаралық қаржы шөлкемлериниң грант қаржыларын тартыў бойынша жойбарлар ислеп шығылды.

Мәпдар министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен таярланған жәми 140,5 миллион долларлық өзбек тилиндеги 59 грант жойбары концепциялары бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Н.Абдураимова, ӨзА