2022-жылы 11- майда «Мәмлекетлик басқарыў тараўында коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў механизмлерин жетилистириў ҳәм бул тараўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары жумысындағы коррупциялық қәўип-қәтерлер баҳалаўдан өткерилмекте.
Быйылғы жылы e-antikor.uz электрон платформасына жиберилген мағлыўматлар тийкарында 92 мәмлекетлик шөлкем ушын коррупциялық қәўип-қәтерлердиң карталары дүзилди.
Мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары шөлкемге жүкленген функцияларда коррупциялық қәўип-қәтерлерди баҳалаўды өз ўақтында ҳәм сапалы өткериў ушын тийисли жуўапкер болып есапланатуғынын атап өтиўимиз керек.
Жаңа система мәмлекетлик шөлкемлерге жүкленген функцияларды әмелге асырыўда бар коррупциялық қәўип-қәтерлерди ерте анықлаў имканиятын жаратты. Оларды сапластырыў илажларын көриў, усы арқалы келешекте бул шөлкемлерде жүз бериўи мүмкин болған бул бағдардағы жынаятлардың алдын алыўшы система жаратылды.
Мақсет коррупциялық қәўип-қәтер жоқары функциялары көп болған шөлкемди «коррупцияласқан» яки қәўип-қәтери тийкары төмен болған шөлкемлерди «коррупциядан жырақ» деп есаплаў емес, ал қәўип ҳаққында сигнал бериў яки ескертиў бериў болып табылады.
Анықланып атырған жағдайлар бул шөлкемлерде қадағалаў илажлары жетерли жолға қойылған яки керисинше қосымша қадағалаў илажлары көрилиўи кереклигин, соның менен бир қатарда, шөлкем басшылары коррупциялық қәўипи жоқары болған процесс (функция) лер ҳәм оны орынлаўшы лаўазымларды айрықша қадағалаўға алыўға түртки береди.
Мәселен, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң коррупциялық қәўип-қәтер жоқары функциялары менен танысып шықсақ. 2024-жылда министрликке жүкленген 134 функция баҳалаўдан өткерилген. Баҳалаў жуўмағына бола, қәўип-қәтер дәрежеси 24 функцияда- «жоқары», 74 функцияда- «орта» ҳәм 36 функцияда- «төмен» дәрежеде.
Ҳәзирги күнде министрлик тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бағдарлама тийкарында бар қәўип-қәтерлерди сапластырыў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.
Басқа шөлкемлерде де ийелеген функциясына қарай жумысындағы кемшиликлерди сапластырыў, коррупция қәўипин азайтыў, ҳәттеки жоқ етиў мүмкиншилиги де бар.
ӨзА