Мәмлекетимизде туризм тараўында әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жаңа саяхатшылық бағдарлары шөлкемлестирилмекте.

Владивостокта «Россияда Өзбекстан туризм жылы» шеңберинде ҳәм мәмлекетимиздиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў ҳәм саяхатшылықтың ағымын арттырыў мақсетинде «Road show» шөлкемлестирилди.

Туризм комитетиниң басламасы ҳәм Өзбекстанның Владивостоктағы Бас консулханасының бирге ислесиўинде өткерилген илажда Туризм комитети баслығының биринши орынбасары Жамшид Абдусаломов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнасты, делинеди комитет мағлыўматында.

– Быйыл россиялы саяхатшылардың санын 1 миллион адамға жеткериў мақсет етилген. Буның ушын тийисли инфраструктура ҳәм түрли авиақатнаўлар жаратылады. Ҳәзирги ўақытта Россия қалалары арасында ҳәптеде 300 ге шамалас рейс бар. Приморье үлкеси басшылығы менен бирге туризм компаниялары ҳәм исбилерменлерине зәрүр жәрдем көрсетемиз, биргеликте раўажланыўға, алға умтылыўға жәрдем беремиз, – деди Жамшид Абдусаломов.

Илажда Өзбекстанның саяхатшылық потенциалы презентациясы болып өтти. В2В ҳәм B2G форматындағы ушырасыўлар Өзбекстан ҳәм Россия туризм тараўы ўәкиллери ушын тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа исбилерменлик байланысларын орнатыў ушын шөлкемлестирилди, нәтийжеде еки тәреплеме келисимлерге ерисилди.

«Road show»ға мирәт етилген қатнасыўшылар өзбек гастрономикалық туризминиң презентациясы ҳәм миллий халық сазлары ансамблиниң атқарыўындағы концерт бағдарламасын тамашалады.

А.РУСТАМОВ, ӨзА