Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде «Микроқаржыландырыў тараўы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымашалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланды.

Усы нызам жойбары менен микроқаржы шолкемлери ҳәм коммерциялық банклер арасында «шынжыр» жаратыў, сондай-ақ, микроқаржы шөлкемлери ушын қосымша қаржы ресурсларын тартыў имканиятын жолға қойыў, микроқаржы шөлкемлерин микроқаржы банклерине ҳәм микроқаржы банклерин коммерциялық банклерге ҳәм керисинше, трансформациялаўдың ҳуқықый тийкары жаратылмақта.

Сондай-ақ, нызам жойбарында микроқаржы банки түсиниги, микроқаржы банки тәрепинен әмелге асырылатуғын жумыс түрлери, микроқаржы банки устав капиталының ең аз муғдары, Орайлық банк тәрепинен микроқаржы банки жумысын тәртипке салыў белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, нызам жойбары қабыл етилиўи халықтың исбилерменлик басламаларының қоллап-қуўатланыўына, аймақларда қаржы хызметлеринен пайдаланыў көлеминиң артыўына хызмет етеди.

Қызғын сөйлесиўлерден соң нызам жойбары қоллап-қуўатланды.

М.Комилова, ӨзА