Ҳайўанлардың инфекциялық кеселликлери ветеринария хызмети тәрепинен қадағаланатуғыны бизге мәлим. Айырым ҳайўанлардың кеселликлери ҳәр қандай жағдайда пайда болыўы мүмкин. Айырым жағдайларда бул үлкен экономикалық шығынларға алып келеди, инсан саламатлығына, шарўа маллары ҳәм шарўашылық өнимлериниң саўдасына унамсыз тәсир етеди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО)ниң «Глобал саламатлық қәўипсизлиги – Өзбекстанда ҳайўанлардың денсаўлығын қорғаў, «бирден-бир» ҳәм антимикроб резистентлик бағдарында потенциалын арттырыў ҳәм зооноз қәўиплерди жумсартыў» жойбары шеңберинде елимизде эпидемиологиялық қадағалаў ҳәм ҳайўанлардың саламатлығы ушын қәўиплерди баҳалаў бойынша 5 күнлик оқыў семинары болып өтти.
Илажда ветеринария комитетиниң ўәкиллери, аймақлық басқармалардың хызметкерлери, ҳайўанларды қорғаў бойынша қәнигелер, лаборатория хызметкерлери ҳәм тараў илимпазлары қатнасты.
Оқыў сабағы ҳайўанлардың денсаўлығы менен байланыслы машқалаларды додалаў, олардан адамларға жуғатуғын кеселликлерге қарсы гүресиў, қорғаў ҳәм халықаралық саўда-сатықта азық-аўқат өнимлери, әсиресе шарўашылық өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге бағышланды.
Тренинг бағдарламасында елимиздиң түрли ўәлаятларынан, соның ишинде, Қарақалпақстаннан 30 дан аслам ветеринария қәнигелери ҳәм илимпазлар ҳайўанлардың денсаўлығы бойынша изертлеўлерди анықлаў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Әмелият арқалы кеселликлерди қорғаў ҳәм қәўиплерди баҳалаўдағы көнликпелерди беккемледи.
Мәжилис Уллы Британияның Ҳайўанлар ҳәм өсимликлер денсаўлығы агентлиги консультант эпидемиологи Гуитиан Хавер тәрепинен алып барылды.
ФАОның бул жойбары АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) тәрепинен қаржыландырылды.
Б.Худойбердиев,
ӨзА