Франция пайтахты Париж қаласында XXXIII жазғы Олимпиада ойынлары барған сайын қызғын түрге енбекте. Дзюдо бойынша салмағы 52 килограммға шекемги ҳаял-қызлар арасындағы беллесиўлер жуўмағына жетти. Онда мәмлекетимиздиӊ атын қорғаған Диёра Келдиёрова барлық қарсыласларын жеӊип шығып, алтын медальға ийе болды ҳәм бул медаль мәмлекетимиз ҳаял-қызлары арасында Олимпиада ойынлары тарийхындағы биринши алтын медаль сыпатында тарийх бетлерине алтын ҳәриплер менен жазылды.
Диёра Келдиёрованыӊ бул табысы тийкарында мәмлекетимизде ҳаял-қызлар спортын раўажландырыўға қаратылып атырған үлкен итибар жәмленген. Алдын ҳаял-қызларымыздыӊ халықаралық беллесиўлерде қатнасыўын көз алдымызға келтирип болмайтуғын еди. Бундай абырайлы беллесиўлердеги жеӊислер ҳаққында гәп болыўы мүмкин емес еди. Бүгин болса бәри өзгеше, ҳаял-қызлар тек ғана спорт емес, ал барлық тараўда да әдеўир алдында ҳәм елимиздиӊ ҳүрметин дүнья бойлап арттырмақта.
Дзюдошы қызымыз Диёра Келдиёрова 1998-жыл 13-июль күни Самарқандта туўылған. Алты жасында дәслеп самбо, соӊ дзюдо спорт дөгерегинде шуғылланыўды баслады. Район, қала ҳәм ўәлаят көлеминдеги спорт беллесиўлеринде шынығып, тынымсыз мийнет етти. 2013-жылы Диёра Қытайдыӊ Нанкин қаласында өткерилген жас өсипиримлер арасындағы Азия ойынларында 44 килограмм салмақ категориясында бронза медалын қолға киргизген. 2016 ҳәм 2018-жыллары дзюдо бойынша жаслар арасындағы Азия чемпионатында да бронза медальларына ийе болған.
2016-жылы Ташкентте үлкенлер арасында өткерилген Гран-при беллесиўинде финалға шекем барлық қарсыласларын жеӊип, гүмис медаль ийесине айланды. Сол жылы Президент қарары менен Диёра Келдиёрова Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлыққа ийе болды. 2018-2022-жыллары өткен жәҳән ҳәм континет бириншиликлери, Гран-при ҳәм “Үлкен дубылға” турнирлери, Азия ойынлары сыяқлы бир неше абырайлы беллесиўлерде бир қатар медальларға ийе болды.
Диёра Келдиёрова 2023-жылы Қатардыӊ Доҳа қаласында өткерилген жәҳән чемпионатында гүмис, Грузия ҳәм Монголияда болып өткен “Үлкен дубылға” беллесиўлеринде алтын ҳәм бронза медалы иейсине айланды. Қытайда болып өткен Азия ойынларыныӊ дзюдо беллесиўлеринде барлық қарсыласларын жеӊип, Азия ойынларыныӊ жеӊимпазына айланды ҳәм делегациямызға дәслепки алтын медальды келтирди. Сондай-ақ, аралас командалық беллесиўлерде гүмис медальға ийе болды.
Быйылғы жылғы мәўсим де дзюдошыларымыз ушын табысларға бай болды. Дәслеп, Португалияда дзюдо бойынша өткерилген Гран-при беллесиўинде, соӊ Әзербайжанныӊ Баку қаласында өткен “Үлкен дубылға” турниринде алтын медальды қолға киргизди. Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жеӊислердиӊ нәтийжесинде Д.Келдиёрова жәҳән рейтингиниӊ алдынғы адамына айланды. Гонгконгда үлкенлер арасында Азия чемпионатында бронза медалы менен сыйлықланды. Бирлескен Араб Әмирликлеринде шөлкемлестирилген жәҳән чемпионатында екинши орынды ийеледи.
Усы сыяқлы абырайлы беллесиўлерде шыныққан Диёра Олимпиада ойынлары алдынан бир неше халықаралық оқыў-шынығыў жыйынларында “Париж – 2024” Олимпиадасына таярланды. Мәмлекетимиз басшысыныӊ «2024-жыл Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпиада ойынларына Өзбекстан спортшыларын комплексли таярлаў ҳаққында»ғы қарары онда әҳмийетли бағдар болды.
Жоқары дәрежедеги таярлық ҳәм алға қойылған үлкен мақсет өз нәтийжесин берди.
Төрт жыллықтыӊ еӊ абырайлы беллесиўинде Диёра Келдиёрова өзиниӊ қатнасыўын 1/18 финал басқышынан баслады. Дзюдошымыз дәслепки беллесиўде төрт мәрте жәҳән чемпионы ҳәм Олимпиада ойынларпыныӊ жеӊимпазы, 5 жылдан берли жеӊилиў не екенин билмей киятырған япониялы Ута Абеға қарсы гүрес алып барды. Бул беллесиўде Диёра күшли қарсыласын иппон менен жеӊди ҳәм қарсыласын аренадан көз жаслары менен кетиўге мәжбүр етти.
Диёра Келдиёрова шерек финал басқышында 2023-жылы Ташкентте болып өткен “Үлкен дубылға” турниринде алтын медальды қолға киргизген, соӊғы жәҳән чемпионаты бронза медалы ийеси германиялы Маша Боллхаусти, ярым финалда соӊғы олимпиада вице-чемпионы, Европаныӊ әмелдеги чемпионы, Франция дзюдо жулдызы Амандин Бушарин, финал беллесиўинде болса жәҳән рейтингинде өзинен кейин 2-орында турған Дистрия Красничиди таӊ қалдырып, тек ғана дзюдо емес ал спортымыз тарийхында Олимпиада ойынларыныӊ алтын медалына ийе болды.
Әлбетте, бул табысты қолға киргизиўдиӊ өзи болмайды ҳәм буны бир ғана спортшыныӊ өзи әмелге асырыўы қыйын. Диёраныӊ Олимпиада ойынларыныӊ жеӊимпазы болыўы, бәринен бурын, мәмлекетимиз тәрепинен спортшыларға жаратылып атырған кеӊ имканиятлардыӊ нәтийжеси болып табылады.
– Олимпиада ойынларына узақ таярландық. Ҳәр бир қарсыласым күшли болатуғынын билген едим. Күшлилерди жеӊбегенимше, күшли бола алмайтуғынымды жақсы түсинип турған едим. Мен ҳәр бир беллесиўимде мәмлекетимиздиӊ байрағын бәлент көтерип, өзбек миллети дүньяда ҳеш кимнен кем емес екенине ҳәм кем болмайтуғынын дәлиллеў ҳаққында ойлап беллестим. Жеӊимпаз болғанымнан соӊ қәлбим мақтанышқа толды, көзлериме қуўаныш көз жаслары келди. Өзимди дүньядағы еӊ бахытлы ҳаял сыяқлы сездим. Жеӊислеримниӊ тийкарында тренерлерим, спортымыздыӊ жуўапкерлери ҳәм бизге барлық имканиятты жаратып берип атырған мәмлекетимиз басшысыныӊ ис-ҳәрекетлери жатыр. Меки бәрқулла қоллап-қуўатлап ҳәм пәтия берип атырған халқымыздан миннетдарман, – деди Олимпиада ойынларыныӊ жеӊимпазы Диёра Келдиёрова.
Бүгин елимизде Олимп шыӊын жаўлап алыўға жететуғын үлкен тәжирийбеге ийе спортшылардыӊ саны көбеймекте. Олар дүнья ареналарына исенимли қәдемлер менен кирип келмекте. Әне, усындай үлкен жеӊислерди қолға киргизип атырған перзентлери бар мәмлекеттиӊ келешеги уллы болады.
XXXIII жазғы Олимпиада ойынларында Өзбекстанныӊ абырайын қорғап атырған спортшыларымыз үлкен табыслары менен халқымызды куўантыўда даўам етеди, деп үмит етемиз.
Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,
ӨзА хабаршысы
–0–