Халықаралық олимпиада комитетиниң Парижде болып өткен 142-сессиясында 2030 ҳәм 2034-жылларда қысқы олимпиада ойынларын өткериўши мәмлекетлердиң атамалары жәрияланды.

Оған бола, Франция 2030-жылғы Қысқы Олимпиада ойынларын өткеретуғын болса, 2034-жылда болып өтетуғын XXVII қысқы Олимпиада ойынлары АҚШның Солт-Лейк-Сити қаласында болып өтетуғыны белгиленди.

Сессия даўамында XOК вице-президенти Жон Коутс егер АҚШ допингке қарсы гүресиўде WADA үстинлигин тән алмаса, шөлкем 2034-жылда Солт-Лейк-Сити қаласында өткерилетуғын ойынларды шөлкемлестириў бойынша шәртнаманы бийкәрлаў ҳуқықына ийе екенлигин атап өтти.

Мағлыўмат орнында: 2002-жылы да қысқы Олимпиада ойынларын Солт-Лейк-Сити қаласы өткерген еди. 2026-жылғы XXV қысқы Олимпиада Италияның Милан ҳәм Кортине-д’Ампеццо қалаларында өткериледи.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА