Президент Шавкат Мирзиёев 16-июль күни аймақларда туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм сырт елли туристлердиң ағымын көбейтиў илажлары бойынша презентация менен танысты.

Бул ҳаққында усы жылдың 3-июнь күни болып өткен видеоселектор мәжилиси ҳәм исбилерменлер менен сөйлесиўде тапсырма берилген еди. Усы тапсырмалар ҳәм билдирилген усыныслар тийкарында тараўдың раўажланыўына қаратылған қосымша илажлар ислеп шығылды.

Атап айтқанда, сырт елли туристрлерди елимизге тартыў ушын туризм шөлкемлерин айланыс қаржы менен тәмийинлеў мақсетинде Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 50 миллион доллар көлеминде өз алдына кредит линиясы ашылмақта. Бул кредитлер миллий валютада жыллық 17 процент ставкада, 2 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жылға ажыратылады.

Потенциалы жоқары болған орынларда мастер-режелер тийкарында туризм орайлары қурылады. Бундай аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў ушын быйылғы жылы республика бюджетинен 100 миллиард сум қаратылады. Сондай-ақ, олардың ҳәр бирине 50 миллион доллар муғдарында инвестиция тартылады.

Туризм тараўындағы исбилерменлер ушын бир қатар жеңилликлер де нәзерде тутылмақта. Олардың арасында автобус ҳәм микроавтобусларды бажыхана бажысынан азат етиў, туроператор ҳәм өнерментлердиң халықаралық ярмаркалардағы қәрежетлериниң 50 процентин қаплап бериў, сырт елли мийманлардың қатнасыўында бизнес илажлар шөлкемлестирген исбилерменлердиң пайда салығын 50 процентке азайтыў сыяқлы илажлар бар.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның миллий туризм брендин жаратыў зәрүрлигин атап өткен еди. Усыған муўапық, мақсетли базарлардың талабынан келип шығып, елимиздеги туризм түрлери ҳаққында контентлер жаратылады. Олар халықаралық медиа ҳәм социаллық платформалар, дүнья спорт ҳәм көркем өнер илажларында үгит-нәсиятланады. Буған аудиториясы үлкен болған сырт елли журналист, блогер ҳәм инфлюэнсерлер де тартылады.

Саяхатшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде барлық авиа, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары ҳаққында мағлыўмат ҳәм билет алыў имканиятын беретуғын бирден-бир онлайн платформа иске қосылады. Авиа, темир жол ҳәм автобус билетлерин кеминде алты ай алдын саўдаға шығарыў системасы енгизиледи. Улыўмахалықлық байрамлар күнлеринде қосымша авиақатнаўлар жолға қойылады. Булар хаққында турақлы түрде ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда хабарландырылып барылады.

Тараў ушын қәнигелер таярлаў мәселеси де әҳмийетли. Кирип киятырған оқыў жылынан баслап, бул бағдарда да бир қатар жаңалықлар мөлшерленбекте.

Атап айтқанда, туризм ҳәм мийманхана хожалығы тараўында оқыў бағдарламалары дүнья рейтингинде биринши 100 ликке киретуғын билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбеси тийкарында жетилистириледи. Бул тараўда жоқары билимлендириў төрт жыллықтан үш жыллыққа өткериледи. Студентлерге бир ўақыттың өзинде қәнигелиги бойынша жумыс ислеп, кәсиплик көзқарасларын тиккелей жумыс орнында раўажландырыў имканияты жаратылады. Әндижан, Бухара, Самарқанд ҳәм Үргенш мәмлекетлик университетлери, Шығыстаныў, Жәҳән тиллери ҳәм “Жипек жолы” жоқары оқыў орынларында гидлерди таярлаў курслары шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул илажлар бойынша ҳүжжет ислеп шығып, орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА