Мәмлекетимиз басшысы Ферғана ўәлаятында режелестирилген жаңа инвестициялық жойбарлар менен танысты.

Кейинги жети жыл ишинде Ферғана ўәлаятында дерлик 77 триллион сумлық инвестициялар тартылған. Олардың нәтийжесинде 116 мың жумыс орны ҳәм 4,5 миллиард долларлық экспорт имканияты жаратылған.

Усы жылы ўәлаятта 1,3 миллиард долларлық мыңнан аслам жойбар әмелге асырылмақта.

Енди Ферғана ўәлаятында сырт елли инвесторлар ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўма баҳасы 7 миллиард доллардан аслам  132 жойбар қәлиплестирилген. Соннан, 2,1 миллиард долларлық 25и мәмлекетимиз басшысына таныстырылды.

Жойбарларға Австрия, АҚШ, Қытай, Россия, Түркия, Германия, Саудия Арабстаны, Кубейт, Япония ҳәм Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары инвестиция киргизбекте. Олар  тоқымашылық, азық – аўқат, медицина, электротехника, қурылыс материаллары, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тармақларды өз ишине алған.

Мәселен, Қытай инвесторлары менен биргеликте Үшкөпир районында баҳасы 50 миллион долларға керамикалық плиталар ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылмақта. Оның нәтийжесинде 500 жумыс орны жаратылады. Қува районында Саудия Арабстаны инвесторлары менен биргеликте ысытыў ҳәм суўытқыш системаларының аўысық бөлеклерин ислеп шығарыў жолға қойылады. Баҳасы 50 миллион долларлық бул жойбар жуўмақланғаннан соң 350 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Усы 132 жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 23 мыңнан аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз жуўапкерлерге жойбарлардың ҳуқықый – шөлкемлестириўшилик тийкарларын теслестириў, инвесторлар ушын барлық шараятларды тәмийинлеў бойынша қосымша көрсетпелер берди.

ӨзА