Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-июль күни Пүткилқытай халық ўәкиллери кеңеси Турақлы комитетиниң Баслығы Чжао Лэци басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Қытай парламентиниң баслығы Өзбекстан жетекшисине Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда соңғы жылларда Өзбекстан менен Қытай арасындағы дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан Президентиниң усы жылы январь айында Қытайға мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылмақта.

Астана қаласындағы ШБШ саммити шеңберинде өткен жоқары дәрежедеги табыслы сөйлесиўлердиң нәтийжелери мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўге жаңа пәт бағышлайтуғынына исеним билдирилди.

Қытай Өзбекстандағы социаллық-экономикалық реформаларды, әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасын, сондай-ақ, инфраструктураны раўажландырыў, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы ҳәм «жасыл» энергетика тараўларында стратегиялық бирге ислесиў бағдарламаларын қабыллаў режелерин айрықша қоллап-қуўатлап атырғаны тастыйықланды.

«Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жолын қурыў бойынша әмелий жумысларды тез пурсатта баслаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жедел аймақлараралық байланысларға жоқары баҳа берилди. Келеси жылы екинши Аймақлар форумы өткериледи.

Өзбекстанда Қытай жоқары оқыў орынларының филиалларын ашыў, профессионал билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, Конфуций институтының жумысын қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылды. Келеси жылы екинши Билимлендириў форумын өткериў режелестирилген.

Мәденият ҳәм туризм тараўларындағы алмасыў бойынша пикир алысты.

Парламентлераралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, парламент ағзалары арасындағы байланысларды жеделлестириў ҳәм әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў бойынша нызам дөретиўшилиги тәжирийбесин үйрениў зәрүр екени айрықша атап өтилди.

Еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған илажларды әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н қабыллаў нәзерде тутылғаны атап өтилди.

ӨзА