Қоӊырат районлық 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ оқытыўшысы Бахтияр Қыдырбаев 6-8-июль күнлери Москва қаласында өткерилген «Ҳәммеси шаӊарақтан басланады» атлы халықаралық таӊлаўда Гран При жеӊимпазы болды. Таңлаў шөлкемлестириўшиси «Голоса планеты» радиосы болып, онда халықаралық көркем-өнер ғайраткерлери, халық артистлери төрешилик етти. Көплеген мәмлекетллерден талантлылар қатнасқан бул таңлаўда жерлесимиз Бахтияр Қыдырбаев қарақалпақ халқының «Қарақалпақта» қосыған шеберлик пенен атқарып, төрешилердиң нәзерине түсти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.