Қоӊырат районлық 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ оқытыўшысы Бахтияр Қыдырбаев  6-8-июль күнлери Москва қаласында өткерилген «Ҳәммеси шаӊарақтан басланады» атлы  халықаралық таӊлаўда  Гран При жеӊимпазы болды. Таңлаў шөлкемлестириўшиси «Голоса планеты» радиосы болып, онда  халықаралық көркем-өнер ғайраткерлери, халық артистлери төрешилик етти. Көплеген мәмлекетллерден талантлылар қатнасқан бул таңлаўда жерлесимиз Бахтияр Қыдырбаев қарақалпақ халқының «Қарақалпақта» қосыған шеберлик пенен атқарып, төрешилердиң нәзерине түсти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.