Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде “Халықты шаўқымның зыянлы тәсиринен қорғаў ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқылыўда көрип шығылды.
Нызам жойбары менен пуқаралардың еркинлиги ҳәм нормал дем алыўын бузатуғын ҳәрекетлердиң қатаң дизими тастыйықланбақта, сондай-ақ пуқаралардың еркинлиги ҳәм нормал дем алыўын бузыўға жол қойылмайтуғын ўақытлар аралығы белгиленбекте.
Яғный, түнги ўақытта – сутканың саат 23:00 ден 06:00 ге шекемги ўақыт аралығында, сондай-ақ дем алыс күнлери ҳәм нызамшылық пенен белгиленген жумыс ислемейтуғын байрам күнлери саат 22:00 ден 09:00 ге шекемги ўақыт аралығында- пуқаралардың еркинлиги ҳәм нормал дем алыўын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти күшейтиў усыныс етилмекте.
Оған бола, пуқараларға БҲМниң үш есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – 10 есесинен он бес есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болыўы белгилеп қойылмақта. Әмелде бул ҳуқықбузарлықлар ушын жәриймалар муғдары пуқараларға- 113 мың сум, лаўазымлы шахсларға болса 113 мың сумнан 226 мың сумға шекемги муғдарды қурайды.
Депутатлардың атап өткениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи мәмлекетте халықтың қолайлы тәбийғый орталықта өмир сүриўи ушын керекли шараятлар жаратыў, олардың саламатлығын ҳәм еркинлигин ҳәр қандай зыянлы шаўқымлар тәсиринен қорғаў бойынша нәтийжели ҳуқықый механизмлерди жаратыўға хызмет етеди.
Мәжилисте нызам жойбары депутатлары тәрепинен биринши оқылыўда қабыл етилди.
М.Турдалиева, Н.Абдувоитов
ӨзА