Анқара қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Түркияға рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан-Түркия бизнес-форумы болып өтпекте.

Еки тәрептиң министрликлери  ҳәм уйымларының басшылары , исбилерменлер  топары ўәкиллери қатнасып атырған конференцияда бир неше темаларда панел сессиялар өткерилмекте.

Атап айтқанда, “Мәмлекетлик- жеке меншик шериклик: Өзбекстан –Түркия  бирге ислесиўиниң жаңа перспективалары ” темасындағы сессияда 10  потенциаллы түрк компаниясы менен биргеликте  жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўда қатнасыў ушын түсинисиў меморандумына қол қойылыўы нәзерде тутылған. Сөйлесиўде 2024-2025- жыллары жәрияланыўы күтилип атырған тендерлерге түрк исбилерменлерин кеңнен тартыў ушын презентация да өткерилмекте.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасының  мәлим етиўинше, бизнес-форум шеңберинде “Өзбекстан- Түркия аймақлараралық бирге ислесиў ” темасында панел сессия болып өтпекте.

Илажда Самарқанд, Ташкент, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларында аўыл хожалығы тараўында жаңа биргеликтеги жойбарларды қәлиплестириў мәселеси додаланбақта. Сондай-ақ, онда ўәлаятлардың туристик потенциалын көрсетиў ҳәм жаңа туристик инфраструктура жойбарларына түркиялы исбилерменлерди тартыў бойынша сөйлесиўлер өткериў режелестирилген.

Күни кеше Стамбул қаласында да Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, “ Өзсанаатқурылысматериаллары” ассоциациясы ҳәм Түркия қурылыс материаллары кәрханалары ассоциациясы менен бирге қурылыс материаллары бойынша Өзбекстан ­– Түркия бизнес форумы шөлкемлестирилип атырғанын атап өтиў керек..

Бүгинги күнде қурылыс материаллары тараўында инвестиция бағдары шеңберинде Түркия Республикасы менен биргеликте баҳасы 111,4 миллион доллар болған  7  жойбар әмелге асырылмақта. Усы жылы январь-апрель айларында болса Түркия мәмлекетине 1,8 миллион долларлық экспорт әмелге асырылған.

Ҳәзирги күнде республикамызда Түркия инвестициясы қатнасыўында 100 кәрхана жумыс алып бармақта.Олардың экспорт баҳасы 500 миллион долларды қурайды.

Түркияда Өзбекстан тоқымашылық имканиятлары көрсетилип атырғаны да кеңнен раўажланып атырғаны куўанышлы жағдай. Соның ишинде, Өзбекстан – Түркия тоқымашылық форумында елимизде тоқымашылық экспорты 2026-жылда 6,3 миллиард долларға жеткерилетуғыны атап өтилди. Бул форум арқалы Өзбекстанның тоқымашылық потенциалын кеңнен көпшиликке көрсетиў, оның абырайын арттырыў ҳәм экспорт көлемин және де көбейтиў мақсет етип қойылған.

Мағлыўмат орнында , бираздан кейин Анқара қаласында Өзбекстан Саўда-санаат палатасының жәрдеминде шөлкемлестирилген “Invest in Uzbekistan” миллий өнимлер көргизбеси жумыс баслайды.

                                                                                                                           ӨзА