Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў шеӊберинде 60 тан аслам нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди

162

Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы энергетика бағдарындағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў тәжирийбесин социаллық ҳәм басқа инфраструктура тараўларында да кеӊнен енгизиў режелестирилгенин атап өтти.

Исбилерменлерге жер ажыратыўдыӊ заманагөй ашық-айдын принциплери – яғный, аукцион саўда системасы жолға қойылды. Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў шеӊберинде нызамшылықты бейимлестириўге қаратылған 60 тан аслам нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги дүзилип, 2030-жылға шекем мөлшерленген Миллий стратегия ислеп шығылмақта.

ӨзА