Пенсияның ең аз муғдарлары минимал тутыныў қәрежетлери муғдарына жеткерилди. Бул бойынша Президент Пәрманы қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында» 2024-жыл 30-апрель күни (ПП–69-санлы) Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, 2024-жылдың 1-майынан баслап минимал тутыныў қәрежетлери 648 мың сум муғдарында белгиленгени себепли төмендеги пенсиялардың муғдары арттырылды:
– жумыс стажы толықсыз ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары – айына 648 мың сум;
– бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алыўшы мийнетке жарамсыз бир шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең аз муғдары – айына 648 мың сум етип белгиленди.
Буның нәтийжесинде 751 мың жасқа байланыслы ҳәм 110 мың бағыўшысын жойытқанлық пенсияларын алыўшы пуқаралардың пенсиялары минимал тутыныў қәрежетлери муғдарына жеткериледи.
Пенсияларды арттырыў ушын Пенсия қорының қаржылары есабынан 180 миллиард сум қосымша қаржылар ажыратылады.
Жақында Статистика агентлигиниң Баспасөз хызмети 2024-жыл май айынан есапланған минимал тутытыў қәрежетлериниң баҳасы бир айда адам басына 648 мың сумды қурағаны ҳаққында хабар берген еди. (2024-жыл январьда жәрияланған баҳа 621 мың сумды қураған).
Бизге белгили, минимал тутыныў қәрежетлериниң көрсеткишлеринен пенсиялар ҳәм напақалардың ең аз муғдарын белгилеў, сондай-ақ, кәмбағал шаңарақларға берилетуғын басқа түрдеги материаллық жәрдемлерди көрсетиўде норма сыпатында пайдаланылады.
ӨзА