Москвада Россия Ғәрезсиз кәсиплик аўқамлары федерациясының (ФНПР) XII қурылтайы болып өтпекте. Онда ағза шөлкемлер тәрепинен сайланған 600 делегат, ФНПР менен бирге ислесип атырған кәсиплик аўқамлары ҳәм кәсиплик аўқам бирлеспелериниң басшылары, 10 мәмлекеттен миллий кәсиплик аўқам орайларының ўәкиллери мийман сыпатында қатнаспақта.

Қурылтайда 4-апрель күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Қурылтай делегатлары ФНПР Бас кеңесиниң есабаты менен танысты ҳәм Россия кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң әҳмийетли мәселелери бойынша 15 резолюцияны қабыллады.

Мәжилисте ФНПРдиң «Әдил экономика ушын» бағдарламасы қабыл етилди. Бағдарлама Россия кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң жақын келешектеги тийкарғы мақсетлери ҳәм принциплерин белгилеп береди. Онда ислеп шығарылған мийнеттиң улыўма муғдарынан дәраматты әдил бөлистириўге қаратылған экономиканы қурыў, ҳәр бир жумысшыға мүнәсип мийнет ҳақы, социаллық шерикликти жаңа мәмлекет идеясы сыпатында белгилеў, бәнтлик түрине қарамастан, барлық жумысшылардың кәсиплик аўқамларына бирлесиў ҳуқықына ийе болыўы ҳаққында сөз болады. Бағдарламада, сондай-ақ, мәлимлеме ҳәм жаслар сиясаты, ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары, мийнетти қорғаў, кәсиплик аўқамларының ишки структурасы сыяқлы темалар көтерилди.

Қурылтайда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының делегациясы қатнасты.

«Россия Ғәрезсиз кәсиплик аўқамлары федерациясының XII съезди дүнья жүзиндеги қәўипли геосиясий жағдайда болып өтпекте, – деди қурылтайда шығып сөйлеген делегация баслығы Қ.Рафиқов. – Биз бәршемиз жақында көплеген инсанлардың өлимине себепши болған «Крокус Сити Холл»да шөлкемлестирилген аянышлы терроршылық қәўиптиң тәсиринде жасамақтамыз.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёев сол күни бириншилерден болып Өзбекстан халқы атынан Россия Федерациясы Президенти Владимир Владимирович Путинге кеўил билдирди.

Президентимиз қайтыс болғанлардың жақынларына кеўил айтыў сөзлерин билдирип, жәбирленгенлердиң тез пурсатта саўалып кетиўин тиледи».

Еки мәмлекет кәсиплик аўқамларының узақ жыллық бирге ислесиў тарийхына тоқтап, бүгинги күнде бул бирге ислесиў және де беккемленип атырғанына итибар қаратып, баянатшы, соның ишинде, ҳәзирги ўақытта ҳеш бир мәмлекет бундай терроршылық қәўиптен кепилликли қорғаўға ийе емес екенине итибар қаратты.

– Өз-ара жақын туўысқанлық қатнасықларымыздан келип шығып, алты миллионлық Өзбекстан кәсиплик аўқамларының ағзалары россиялы кәсиплеслериме усындай қыйын ўақытта ийинлес ҳәм шерик екенин билдиремиз, – деди өзиниң сөзинде Қудратилла Мирсоатович. – Россияның уллы халқы бул сынақты да мәртлик пенен жеңип өтетуғынына ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы және бирлесе алатуғынына биз айрықша исенемиз.

– Пурсаттан пайдаланып, – деди Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы, – сизлердиң итибарыңызға төмендеги дослық усынысымызды көрип шығыў ушын киргизбекшимен: бул террористлик қәўиптен жәбирленген шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы бундай шаңарақ перзентлеринен 100 ин усы жылдың июнь айында мәмлекетимиздиң ең жақсы балалар дем алыў орайларында дем алыўын шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Балалар Ташкент ҳәм Самарқанд қаласының дыққатқа ылайық орынлары менен танысыў имканиятына да ийе болады.

Биз балалардың барыў-келиў ҳәм олардың Өзбекстанда болыўына байланыслы барлық қәрежетлерди өз жуўапкершилигимизге аламыз.

Баянатшы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде еки мәмлекет кәсиплик аўқамларының беккем байланыслары ҳәм бирге ислесиўи ең ири жәмийетлик шөлкемлер арасында, өз-ара еки мәмлекет қатнасықларының раўажланыўында да айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

ӨзА