Кеше футбол бойынша Азия футбол конфедерациясы чемпионлар лигасында шерек финал ойынлары шеңберинде еки ушырасыў болып өтти.
Олардың биринде Қубла Кореяның Чонбук Моторс ҳәм Ульсан клублары өз-ара ушырасты ҳәм ойын 1:1 есабы менен жуўмақланды. Ушырасыўдың 4-минутында Чонбук Моторс футболшысы есапты ашқан болса, 77-минутта Ли Мён Джи өз командасына 1 упай алып берген голды урыўға миясар болды.
Ал, Бирлескен Араб Әмирликлеринде болып өткен Ал-Айн ҳәм Саудия Арабстанының Ал-Наср клублары арасындағы ойында болса, майдан ийелери Роналду жетекшилигиндеги команда ағзаларын 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Ушырасыўда Ал-Наср футболшылары топқа ийелик етиў, дәрўазаларды нышанға алыў мәселесинде толық үстинлик еткени менен ойында гол ура алмады.
Енди бул командалардың жуўап ушырасыўы 12-март күни болып өтеди.
Ал, бүгин болса, усы турнир шеңберинде Ташкент ўақты менен саат 23:00де Ал-Ҳилал ҳәм Ал-Иттиҳад клублары арасында шерек финалдың дәслепки ойыны өткериледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы