АФК Чемпионлар лигасы қызғын даўам етпекте

260

Кеше футбол бойынша Азия футбол конфедерациясы чемпионлар лигасында шерек финал ойынлары шеңберинде еки ушырасыў болып өтти.

Олардың биринде Қубла Кореяның Чонбук Моторс ҳәм Ульсан клублары өз-ара ушырасты ҳәм ойын 1:1 есабы менен жуўмақланды.  Ушырасыўдың 4-минутында Чонбук Моторс футболшысы есапты ашқан болса, 77-минутта Ли Мён Джи өз командасына 1 упай алып берген голды урыўға миясар болды.

Ал, Бирлескен Араб Әмирликлеринде болып өткен Ал-Айн ҳәм Саудия Арабстанының Ал-Наср клублары арасындағы ойында болса, майдан ийелери Роналду жетекшилигиндеги команда ағзаларын 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Ушырасыўда Ал-Наср футболшылары топқа ийелик етиў, дәрўазаларды нышанға алыў мәселесинде толық үстинлик еткени менен ойында гол ура алмады.

Енди бул командалардың жуўап ушырасыўы 12-март күни болып өтеди.

Ал, бүгин болса, усы турнир шеңберинде Ташкент ўақты менен саат 23:00де Ал-Ҳилал ҳәм Ал-Иттиҳад клублары арасында шерек финалдың дәслепки ойыны өткериледи.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы