Нызамға бола, мийнет шәртнамасы бойынша ислеп атырған айдаўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе:
— жумыс бериўшиден ҳәрекетлениў жөнелиси, тасылатуғын жүк ҳаққында, өз өмири ҳәм денсаўлығы ушын бар қәўип ҳаққында, зыянлы ҳәм (яки) қәўипли дәреклер тәсиринен өзиниӊ қорғалыўына байланыслы илажлар ҳаққында исенимли мәлимлеме алыў;
— жеке меншик қорғаныў қураллары, арнаўлы кийим-кеншек пенен тәмийинлениў;
— жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша шараятларды жақсылаў менен байланыслы мәселелерди көрип шығыўда қатнасыў;
— өзиниӊ өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салатуғын жағдайда, тасыўды бийкар етиў;
— жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўында маманлығын арттырыў ҳәм кәсиплик қайта таярлықтан өтиў;
— мийнет ўазыйпаларын орынлаў даўамында өз денсаўлығына жеткерилген зыянныӊ орны қапланыўы;
— жумыс бериўшиниӊ жол ҳәрекети тараўындағы ҳуқыққа тән болмаған қарарлары ҳәм ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги