Нызамға бола, мийнет шәртнамасы бойынша ислеп атырған айдаўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе:

— жумыс бериўшиден ҳәрекетлениў жөнелиси, тасылатуғын жүк ҳаққында, өз өмири ҳәм денсаўлығы ушын бар қәўип ҳаққында, зыянлы ҳәм (яки) қәўипли дәреклер тәсиринен өзиниӊ қорғалыўына байланыслы илажлар ҳаққында исенимли мәлимлеме алыў;

— жеке меншик қорғаныў қураллары, арнаўлы кийим-кеншек пенен тәмийинлениў;

— жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша шараятларды жақсылаў менен байланыслы мәселелерди көрип шығыўда қатнасыў;

— өзиниӊ өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салатуғын жағдайда, тасыўды бийкар етиў;

— жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўында маманлығын арттырыў ҳәм кәсиплик қайта таярлықтан өтиў;

— мийнет ўазыйпаларын орынлаў даўамында өз денсаўлығына жеткерилген зыянныӊ орны қапланыўы;

— жумыс бериўшиниӊ жол ҳәрекети тараўындағы ҳуқыққа тән болмаған қарарлары ҳәм ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым  етиў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги