Турақлы раўажланыў мақсетлери «Өзбекстан – 2030» стратегиясы менен өз-ара байланыслылықта әмелге асырылады

Бизге белгили, 2030-жылға шекем БМШтың Глобаллық күн тәртибиндеги Турақлы раўажланыў мақсетлерин избе-из әмелге асырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 2030-жылға шекем 16 Турақлы раўажланыў миллий мақсетлери және оларға байланыслы болған 125 ўазыйпа тастыйықланған.
Әне, усы ўазыйпаларға тийкарланып 2017-2022-жылларда Саламат турмыс тәризин тәмийинлеў ҳәм барлық жастағы инсанлардың абаданлығына жәрдемлесиў бойынша қандай жумыслар орынланды
Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институтының үлкен илимий хызметкери Абдуллатифхон Анвархонов бул сораўға төмендегише жуўап берди:
– Бизиң илимий мәкемениң жумысы мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар ҳәм өзгерислерди таллап, барлық тараўлар бойынша тийисли усыныслар ислеп шығыўға қаратылғанын ашықтан-ашық айтыў керек.
Сораўыңызға келсек, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлеринен бири – мәмлекетимизде саламат турмыс тәризин тәмийинлеў ҳәм барлық жастағы инсанлардың абаданлығына жәрдемлесиў болып есапланады. Әне, усы бағдарда жумыслар жедел алып барылмақта. Нәтийжелер қандай болды деген сораў туўылатуғыны тәбийғый.
Усы мақсетте илимий мәкемемиз қәнигелери Өзбекстан 2017-2022-жылларда бул бағдарда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелерин таллап шықты. «Саламат турмыс тәризин тәмийинлеў ҳәм барлық жастағы инсанлардың абаданлығына жәрдемлесиў» 16 миллий мақсеттиң үшиншиси болып, ол 13 ўазыйпа ҳәм 23 көрсеткиштен ибарат болып есапланады.
Онда тийкарғы көрсеткишлер бойынша жоқары нәтийжелерге ерисилген. Оған бола, аналар өлими коэффициенти тири туўылған ҳәр 100 000 нәрестеге 2017-жылы 21,0 коэффициентин қураған болса, 2022-жылы 13,9 коэффициентин қураған. Бул көрсеткиш 5 жыл даўамында 51,0 процентке жақсыланған.
Туберкулёз кеселлиги менен наўқасланыў жағдайлары ҳәр 100 000 адамға 2017-2022-жылларда 44,9 коэффициентинен 35,3 коэффициентине шекем азайды ҳәм 27,0 процентке жақсыланды. Гепатит «Б» менен наўқасланыў жағдайлары 2017-жылы ҳәр 100 000 адамға 0,8 коэффициентин қураған болса, 2022-жылы 0,4 коэффициентин қурайды ҳәм еки есеге азайды.
Өз жанына қастыянлық етиў менен байланыслы өлим коэффициенти 2017-жылы ҳәр 100 000 адамға 7,5 коэффициентин қураған еди. Бул көрсеткиш 2022-жылы 4,5 коэффициентине шекем төменлеп, 66,7 процентке жақсыланды.
Ҳәр 100 000 адамға туўра келетуғын медицина хызметкерлериниң саны 2017-жылы 26,1 коэффициентин қураған болса, 2022-жылы 27,9 коэффициентине артты ҳәм 6,9 процентке унамлы өзгерис атап өтилди.
Әлбетте, жоқарыда келтирилген санлар халықтың саламат турмыс тәризинде унамлы өзгерислер болып атырғанына байланыслы болып есапланады. Бунда көрсеткишлерди салыстырып үйрениў ҳәр тәреплеме пайдалы болып есапланады.
Өз гезегинде, келешекте ТРМ ның 3-мақсетин «Өзбекстан – 2030» стратегиясы менен өз-ара байланысқан ҳалда әмелге асырыў нәзерде тутылған. Онда ҳаял-қызлар, нәрестелер ҳәм бес жасқа шекемги балалар арасында өлимге байланыслы жағдайларды 2 есеге азайтыў, туўыў орынларының санын 35 процентке арттырыў, балалар арасында жуқпалы ҳәм жуқпалы емес кеселликлерди 20 процентке қысқартыў, онкологиялық кеселлиги бар 120 мың наўқасты емлеў менен толық қамтып алыў сыяқлы мақсетли параметрлерге ерисиўге қарай анық қәдем тасланады.
ӨзАның хабаршысы Насиба Зиёдуллаева жазып алды