Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде усы жыл 11-апрель күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасының “Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасы буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым Нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызамының мазмун-мәнисине бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.
Оны Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары М.Абдижалиев кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин министрликтиң Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы А.Өтеўлиев жоқарыдағы Нызамның қабыл етилиўи менен Өзбекстан Республикасының айырым Нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин басым ҳәм зорлықтан исенимли қорғаўдың институтционаллық ҳәм ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге, балалар арасында қадағалаўсызлықтың, олар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар ислеўиниң алдын алыўға, соның менен бирге майыплығы болған, ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, бүгинги күнде ҳуқықты қолланыў әмелиятында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға байланыслы мәселелерде бир қатар машқалалар бар.
Атап айтатугын болсақ, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларына байланыслы жынаятлы қылмыслар ушын мүнәсип санкциялар белгиленбеген, ҳаял-қызларды зорлықтан қорғаўдың ҳуқықый кепилликлери жоқ, басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсқа мәмлекет тәрепинен қорғалыўын бериўши ордердиң әмел етиў мүддети (отыз күн) ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин жеткиликли дәрежеде қорғаўды тәмийинлеў имканиятын бермейди. Алиментлерди төлемегенлик ушын жаза ретинде жәрийма салыныўы көбирек қаржылай қыйыншылықларды келтирип шығармақта.
Буннан тысқары, Жас өспиримлер жумыслары бойынша Республика уйымлар аралық комиссияның, жас өспиримлер жумыслары бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, қалалық ҳәм районлық уйымлар аралық комиссиялардың жумысы қайта көрип шығылып, олар тийислисинше Балалар мәселелери бойынша миллий комиссия, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық, Ташкент қалалық, қалалық ҳәм районлық комиссиялар етип қайта шөлкемлестирилди.
Бул Нызам менен Өзбекстан Республикасы нызамларына ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық тараўда өз ҳуқықлары менен мәплерин әмелге асырыўында қоллап-қуўатлаў мәселелерин тәртипке салыўшы нызамшылықты халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириўди нәзерде тутатуғын, соның менен бирге, балалар мәселелери бойынша комиссиялардың жумысының ҳуқықый тийкарларын беккемлеп қойыўшы өзгерислер киргизилди. Сондай-ақ, Нызам ҳаял-қызлар ҳәм балаларға байланыслы зорлықтың алдын алыўға, шаңарақлардағы руўхый-этикалық орталықты жақсылаўға, балалар ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықлары менен байланыслы халықаралық индекслерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылаўға хызмет етеди. Соның менен бирге, балалар мәселелери бойынша миллий комиссия, балалар мәселелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық, Ташкент қалалық, қалалық ҳәм районлық комиссиялары жумысының беккем ҳуқықый тийкарын жаратады.
Илажда ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасы буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым Нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислер менен қосымшалар туўралы толық мағлыўмат берилди.
Баспасөз конференциясы қатнасыўшылары бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақтан хабар агентлигиниң шолыўшысы