Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардағы өзгерислер, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў, социаллық-экономикалық раўажландырыў перспективаларын белгилеў мақсетинде 15-16-апрель күнлери Самарқанд ўәлаятында болды.
Сапардың биринши күни мәмлекетимиз басшысы ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша санаат, туризм, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар, быйылғы ҳәм келеси жылларға мөлшерленген жойбарлар менен танысты. Сондай-ақ, муқаддес орынларға зыяраты, исбилерменлер, нуранийлар ҳәм жаслар менен ушырасыўлар да дәслепки күнниң әҳмийетли ўақыялары болды.
16-апрель күни Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында ўәлаят белсендилериниң жыйналысы болып өтти. Онда министрликлер менен уйымлар, олардың аймақлық басқармалары ҳәм бөлимлериниң баслықлары, ўәлаят, район, қала секторларының басшылары, жергиликли кеңеслердиң депутатлары, исбилерменлер, нуранийлар ҳәм жаслар қатнасты.
Елимиз басшысы мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Самарқанд ўәлаятында үлкен өзгерислер болып атырғанын, адамлардың дүньяқарасы өсип, белсендилиги артып атырғанын атап өтти.
Бүгинги дәўир, тез өзгерип атырған заман жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы, дөретиўши ҳәм сақый халқымыздың абаданлығын арттырыў ушын алдымызға әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта. Бул ҳәр биримизден, әсиресе, атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшыларынан жоқары жуўапкершилик, пидайылық талап етпекте. Усы көзқарастан бүгин Самарқанд ўәлаятында да көп өзгерислер, жаңаланыўлар болып атырғанын көрмектемиз. Көплеген жаңа жойбарлар турмысқа енгизилмекте, қала ҳәм аўыллардың келбети өзгермекте. Лекин, ең тийкарғысы, адамлардың дүньяқарасы, турмысқа мүнәсибети өзгериўи керек. Қашан халқымыздың дуньяқарасы өзгерип, бүгинги реформаларға исеними ҳәм тилеклеслиги артса, мәмлекеттен, басшылардан разы болса, жумысымызға берилген баҳа, алып барып атырған жумысларымыздың нәтийжеси усы болады, деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиз ҳәр дайым Самарқандты сағынатуғынын, бул ўәлаятта арттырған тәжирийбеси өз жумысында қол келетуғынын атап өтти. Лекин, ол ўақытларда атқарыў ҳәкимиятының имканияты ҳәзиргидей болмағанын айтып, бар имканият ҳәм потенциалдан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигине итибар қаратты.
Ҳәзир заман өзгерди, адамлар енди кешегидей жасаўға мәжбүр емес. Ең үлкен мәселе орынлардағы атқарыў ҳәкимияты басшылары бүгинги турмыс, ҳәрекет, тезикке сай ислеўи керек. 2020-жыл аўыр жыл болды, қүдиретли деген мәмлекетлердиң экономикасы бул сынақларды көтере алмады. Быйыл кешегиге қарағанда умтылысымыз өзгерип, ертеңги күнниң мәпи көзқарасынан ҳәрекет сезими пайда болса, алдымызға қойған режелеримизди орынлай аламыз. Егер бизге кимдур ислеп береди, деген түсиник болса, бундай тилек пенен ҳеш қашан нәтийжеге ерисе алмаймыз, деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы белгиленетуғын быйылғы жылда Самарқанд ўәлаятында жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын ҳәзирден шекти бәлент алып, анық белгилеў лазымлығын атап өтти. Усы жағынан ўәлаятты комплексли раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў бойынша ең әҳмийетли бағдарлар менен ўазыйпалар, санаат, транспорт логистикасы, туризм ҳәм басқа тараўлардағы «өсиў ноқатлары» белгилеп алынды.
Атап айтқанда, ҳәр бир мәҳәлледеги машқала ҳәм имканиятларды сын көзқарастан үйрениў, халықты исбилерменликке ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге тартыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў, 2021-2022-жылларда санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, турақ жай қурылысы, абаданластырыў, коммунал ҳәм транспорт хызметин көрсетиўди жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
2021-2022-жылларда Самарқанд ўәлаятында санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында баҳасы 30 триллион 415 миллиард сумлық 1 мың 279 инвестициялық жойбар режелестирилгени атап өтилди. Атап айтқанда, 12 триллион сумлық 1 мың 184 аймақлық, 18 триллион сумнан зыят 95 тармақ жойбарлары әмелге асырылады. 1,8 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестириледи ҳәм 26 мың турақлы жумыс орны шөлкемлестириледи.
Атап айтқанда, энергетика тараўында 974 миллион долларлық 8 ири жойбар әмелге асырылып, жылына 6 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў жолға қойылады, нәтийжеде 1,8 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди. Сондай-ақ, Францияның «Тотал Эрэн» компаниясының 100 миллион доллар инвестициясы есабынан усы жылы декабрьде Нурабад районында қуўатлылығы 100 мегаватт болған қуяш фотоэлектр станциясы иске түсириледи.
Президент Ургут районын толық еркин экономикалық зонаға айландырыў, ўәлаяттың барлық аймақларында усы экономикалық зонаның филиалларын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берди. Сондай-ақ, «Ургут» еркин экономикалық зонасы негизинде холдинг компания дүзиледи.
Қўшрабат, Иштихан ҳәм Ургут районларында 8 мың гектарда интенсив бағ ҳәм жүзимзарлықлар жаратып, 4 мыңнан зыят адамды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди. Шарўашылықта және 4 мың, пиллешилик ҳәм жипек өнимлерин таярлаўда 12 мың жумыс орнын жаратыў мүмкинлиги атап өтилди.
Ҳәр бир мәҳәлледеги машқалалар менен имканиятларды сын көзқарастан үйрениў, халықты исбилерменликке ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге тартыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў тийкарғы ўазыйпа болатуғыны атап өтилди.
Быйылғы жылда 915 аўыл ҳәм мәҳәлледе қурылыс-абаданластырыў жумыслары орынланатуғыны, 658 километр ишимлик суўы тармақлары оңланып, 210 аўыл ҳәм мәҳәлледеги суў тәмийнаты жақсыланатуғыны атап өтилди. Ипотека бағдарламасы шеңберинде 3 мың 450 квартиралы көп қабатлы жайлар қурылып, 2 мың 200 шаңараққа субсидия бериледи.
Туризмди раўажландырыў ўәлаят экономикасының тийкарғы әҳмийетли бағдарларынан бири болыўы атап өтилди.
Ишки ҳәм зыярат туризмин басқышпа-басқыш қайта тиклеў бойынша жумысларымыз, соның ишинде, ишки туристлер ушын транспорт ҳәм мийманхана қәрежетлерин субсидиялаў системасы енгизилгени, ҳәзирден өз нәтийжесин бермекте. Буны бир ғана Регистан комплексине март айында 150 мың, февраль айына салыстырғанда 5 есе көп турист келгени де айқын көрсетип тур, деди мәмлекетимиз басшысы.
Туризм инфраструктурасын раўажландырыў шеңберинде барлық талапларға ийе Самарқанд туризм орайы қурылмақта. Онда халықаралық конгресс орайы, «Мәңги қала» кәрўансарай комплекси, 8 мийманхана, тематикалық аллеялар, дем алыў ҳәм кеўилашар объектлер, өнерментшилик орайы, жасалма суў бассейнлери қурылады. Уллы алым ҳәм ҳәдистаныўшы бабамыз Имам Бухарий комплексин, бул уллы тулғаның пүткил ислам дүньясындағы жоқары абырайы ҳәм мәртебесине мүнәсип тәризде, қайтадан қурыў жумыслары басланды.
Бул жерде 10 мың орынлық мешит, 21 гектар майданда уллы бабаларымыздың диний мийрасы ҳәм материаллық-мәдений мийрас объектлерин сәўлелендириўши тематикалық аллея, 3 мийманхана ҳәм 24 шаңарақлық қонақ үйлеринен ибарат зыярат туризми комплекси қурылады.
Ургут, Нурабад ҳәм Жамбай районларында да туризм кластерлери шөлкемлестириледи.
Самарқандда қурылып атырған жаңа халықаралық аэропорт пәрўазлар санын 7-10 есеге арттырыў ҳәм шеттен туристлер ағымын кескин көбейтиў имканиятын береди.
Белсендилер мәжилисинде билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларын раўажландырыў, жаслар менен системалы ислесиў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.
Атап айтқанда, 106 мәмлекетлик бақшаны оңлаў, 6 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, 400 шаңарақлық бақша ҳәм 6 жасар балаларды мектепке таярлаў бойынша топарлар шөлкемлестириў арқалы ўәлаятта мектепке шекемги билимлендириўге қамтыў 63 проценттен 70 процентке жеткериледи.
Cамарқанд мәмлекетлик университети жанында Инженерлик физикасы институты, Агробиотехнологиялар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги институты шөлкемлестириледи. Нарпай хызмет көрсетиў техникумы имаратында Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институтының «Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билим бериўде инглис тили» ҳәм «Шет тили ҳәм әдебияты» тәлим бағдарлары бойынша факультети ашылады.
Ўәлаяттағы социаллық тараў объектлери ушын республика бюджетинен қосымша 200 миллиард сум ажыратылатуғын болды.
Ўәлаятта «Жаслар дәптери»не киргизилген 108 мың жастың турмысын және де жақсылаў мақсетинде олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке ҳәм кәсип-өнерге үйретиў зәрүрлиги атап өтилди. Бул мақсет жолында 6 мыңға шамалас жасларға исбилерменлик ушын 136 миллиард сум кредит ажыратылады. «Жаслар: 1+1» жойбары шеңберинде 18 мың 500 жас кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылады, 13 мың 200 жасты исбилерменликке үйретиў ҳәм уста-өнерментлерге бириктириў арқалы олардың бәнтлиги тәмийинленеди. 14 мың 400 жас турақлы ҳәм ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылады.
Жылдың үшинши шерегине шекем ўәлаятта «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 35 мың ҳаял-қыздан 7,5 мыңының бәнтлигин тәмийинлеў, 2 мың 789 ын кәсип-өнерге оқытыў илажларын көриў зәрүрлиги атап өтилди. Буның ушын Бәнтликке көмеклесиў ҳәм Жәмийетлик жумыслар қорларынан 10 миллиард сумнан қаржы ажыратылады. Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қорынан 6 мың 341 ҳаялды исбилерменликке тартыў ушын «Халық банки» арқалы 182 миллиард сум жумсалады.
Реформалардың ақырғы мақсети адамлардың дәраматын көбейтиў, сатып алыў қәбилетин арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў арқалы оларды турмыстан разы етиў, деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте министрлер, секторлар басшыларының есабаты тыңланды.
Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм министрлер, секторлар басшыларына быйылғы жылда ўәлаятта әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша халыққа мүрәжат етиў тапсырмасы берилди.
Күнниң екинши ярымында Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында ашылған көп тармақлы медицина орайының жумыслары менен танысты.
«Zarmed pratiksha hospital group» атлы бул қоспа кәрхана Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан менен биргеликте шөлкемлестирилген. Оның шөлкемлестириўшилеринен бири Нишант Бажаждың айтыўынша, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ҳиндстанға сапары, исбилермен топарлар арасында өткерилген ушырасыўлар бирге ислесиўге исеним туўдырған.
Қоспа кәрхананың дәслепки жойбары болған бул медицина орайы ушын 8,5 миллион АҚШ доллари сарыпланған.
Көп тармақлы медицина орайында 5 хирургиялық әмелият ханасы, 100 орынлық стационар бар. Интервенциялық кардиохирургия, нейрохирургия, эндоскоп хирургия, ортопедия ҳәм травматология, урология ҳәм гинекология, отоларингология хызмет түрлери ушын заманагөй диагностика үскенелери орнатылған. Бир ўақыттың өзинде 600 адамға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе. Медициналық хызметлер халықаралық стандартлар тийкарында комплексли тәризде көрсетиледи. Орайда 140 жаңа жумыс орны жаратылған.
Мәмлекетимизде жеке меншик медицинаға шараят жаратылғаны нәтийжесинде мине усындай заманагөй клиникалар көбеймекте. Ендиги ўазыйпа наўқасларға сапалы хызмет көрсетип, адамлардың исенимине ерисиў. Емлениў ушын сырт елге кетпекши болғанларды да тартыў керек, деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкер шахсларға Самарқандта жеке медициналық университет ҳәм клиникадан ибарат медицина кластерин шөлкемлестириў, сырт еллерде ислеп атырған самарқандлы шыпакерлерди жумысқа мирәт етиў ушын ўәлаят ҳәкимлигинде қор дүзип, оларды жеңилликли турақ жай менен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Самарқанд филиалында емленип атырған Өзбекстан Қаҳарманы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Ҳасан Нормуродовты барып көрди.
Бул инсан елимиздеги пидайы нуранийлардан. Узақ жыллар халық билимлендириўи системасында ислеген. Кейин ала «Нураний» қорының Самарқанд ўәлаяты бөлиминиң баслығы сыпатында мийнет ветеранларын социаллық қорғаў ислерине үлкен үлес қосқан. Ҳәзирги күнде Самарқанд ўәлаяты Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармасы баслығының орынбасары.
82 жасар Ҳасан Нормуродов жанкүйер ҳәм қайыр-сақаўатлы инсан сыпатында ўәлаят халқы арасында ҳүрметке ерискен. 2019-жылда Президентимиз пәрманына бола «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланған.
Шавкат Мирзиёев пидайы мийнет нуранийына беккем денсаўлық ҳәм тетиклик, узақ өмир тиледи.
Ҳасан Нормуродов ўақыт таўып келгени, жоқары итибар көрсетип, қоллап-қуўатлағаны ушын елимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Усының менен Президенттиң Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды.
ӨзА