Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сазлы театрында медицина хызметкерлириниң кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Оған тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, медицина тараўы хызметкерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң байрам қутлықлаўын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов  оқып еситтирди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов ҳәм басқалар  елимизде халықтың мүнәсип турмыс сапасын тәмийинлеўге, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға, ҳәр тәреплеме саламат әўладты тәрбиялаўға, медициналық хызметтиң сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын,  избе-из реформалардың нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў системасы түп-тийкарынан өзгерип, халықтың сапалы медициналық хызметтен пайдаланыўына тийкар жаратылғанын атап өтип, тараў хызметкерлериниң машақатлы жумысына табыслар тиледи. Елимизде ноябрь айының екинши екшембиси мақтанышлы ҳәм машақатлы кәсип ийелериниң байрамы сыпатында кеңнен белгилениўи тараў хызметкерлерине болған айрықша итибардың көриниси болып табылады.

Байрам мүнәсибети менен жемисли мийнет етип атырған тараў белсендилерине «Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў ағласы» көкирек нышаны ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

– Быйыл  елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы қарсаңында «Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» ҳүрметли атағына миясар болдым, – дейди Караөзек районлық медицина бирлеспесиниң неонатолог шыпакери Шаригул Өмирбаева. – Қарақалпақстанда итибарға ылайық шыпакерлер жүдә көп, олардың бир қатары бүгинги байрам салтанатында сыйлықланды. Мен өз гезегинде кәсиплеслеримди байрам менен қутлықлайман.

Байрам концерт бағдарламасы менен даўам етти.

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы