Президентимиздиң усы жыл 27-марттағы «Атақлы мәмлекетлик ғайраткер, жазыўшы Шараф Рашидов туўылған күниниң 100 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде «Мәнаўият сааты» болып өтти.
Оған Кеңес хызметкерлери, белсендилери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Илажда Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан бөлими Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Ш.Рашидовтың пидәкерлик мийнети, дөретиўшилик жумысларына кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Ш.Рашидов ел басшысы сыпатында 25 жыл даўамында жүдә үлкен жумысларды атқарып, жемисли мийнет еткен. Ол шайыр, жазыўшы, публицист сыпатында да кеңнен танылған. Оның «Шегарашы» дәстаны, «Қәҳәрим» қосықлар топламы, «Еки кеўил дәстаны» шығармасы, «Кашмир қосығы», «Бораннан күшли», «Қүдиретли толқын», «Жеңимпазлар» сыяқлы романлары көплеген китапсүйиўшилер қәлбинен орын алған. Бир қатар шығармалары тийкарында көркем фильмлер де сүўретке алынған. Ол инсанның даналығы, дипломатлығы, әдиллиги ҳәм соның менен бирге әпиўайылығы көпшиликке үлги болған.
Ш.Рашидовтың 100 жыллығына бағышланған еслеў кешелери, руўхый-ағартыўшылық илажлары барлық мийнет жәмәәтлеринде даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги