Ғәрезсизлик жылларында валюта сиясаты ҳәм сыртқы саўда исқерлиги тараўын жетилистириў бойынша алып барылған илажлар елимиз экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў, экспорт потенциалын арттырыў, қиши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин турақлы раўажландырыўға хызмет етпекте. Деген менен, соңғы ўақытлары қара базардағы нызамсыз валюта айланысы экономиканын легал секторына хызмет көрсетип, мәмлекетимиз экономикасына кери тәсирин тийгизип киятырған еди. Мине усындай нызамсыз жағдайларды сапластырыў ҳәм олардын алдын алыў мақсетинде тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары оператив илажлар өткерип келмекте.

Президентимиз тәрепинен  усы жылдын 2-сентябринде қабыл етилген «Валюта сиясатын либералластырыў бойынша биринши нәўбеттеги илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы мәмлекетимизде валюта тараўын тәртипке салыўдын базар механизмлерин енгизиўде айрықша әҳмийетке ийе болып пуқараларға валютаны еркин сатып алыўы ҳәм пайдаланыўы ушын кең имканиятлар жаратпақта. Тараўда усындай кең мүмкиншилиқлер ҳәм имканиятлар жаратылып атырған бир ўақытта айырым пуқаралар жеңил жоллар менен дәрамат табыў мақсетинде нызамсыз сырт ел валютасы саўдасы менен шуғылланып, оларды айланысқа түсирип келмекте. Өзбекистан Республикасы бас Прокуратурасы жанындағы салық, валютаға байланыслы жынаятлар ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қонырат районы бөлими ҳәм Миллий қәўипсизлик хызмети Қонырат районы бөлими хызметкерлери менен биргеликте район аймағында мине усындай сырт ел валюталарын нызамсыз айналысқа шығарыў менен шуғылланып, дәрамат таўып атырған пуқараларды анықлаў мақсетинде оператив илаж өткерилди.

Валюта саўдасын нызамсыз, алдаў жолы менен емес, ал базар экономикасынын анық ҳәм белгиленген нызамшылығы тийкарында шөлкемлестириў ҳәр бир мәмлекеттин алдындағы әҳмийетли ўазыйпалардын бири. Солай екен, валютаға байланыслы елимизде амелге асырылып атырған реформалар валюта сиясатын тәртипке салыўда заманагөй базар механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў, миллий валютаның турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутады.

* *  *

Мәмлекетимизде тек ғана базар механизмлери тийкарында хызмет көрсететуғын валюта базарын қәлиплестириў бәрше банклердиң қарыйдарлар талапларын қанаатландырыў мақсетинде  шет ел валютасын сатып алыў ҳәм сатыў ушын валюта биржасы саўдаларында еркин қатнасыўын тәмийнлеў, сондай-ақ қарыйдарлардын шет ел валютасын сатып алыў бойынша әмелдеги тәртип ҳәм техникалық регламентлерине бойсынған ҳалда өз валюта қаржыларын ҳеш қандай шеклеўсиз пайдалыныў ҳуқықына ийе. Сыр емес соңғы ўақытлары қара базардағы нызамсыз валюта айланысы елимизде экономиканың легал секторына хызмет көрсетип киятырған еди. «Валюта сиясатын либералластырыў бойынша биринши нәўбеттеги илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы  менен юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен сырт ел валютасы усы ҳалық аралық валюта операцияларын әмелге асырыў ушын банклерден еркин сатып алыныўы ҳәм сатылыўы кепилленеди. Өзбекистан Республикасы бас Прокуратурасы жанындағы салық, валютаға байланыслы жынаятлар ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Кегейли районы бөлими тәрепинен валюта түсимин жасырыў ҳәм валюта тараўындағы басқа да нызамбузыўшылықларға қарсы гүресиў бағдарында кең көлемли оператив илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың өткен дәўири ишинде алып барылған оператив илажлар нәтийжесинде валютаға байланыслы 8 ҳуқықбузарлықлар анықланып, бир жынаят иси қозғатылған ҳәм 7 ҳәқимшилик ҳуқықбузарлыққа байналыслы ислер көрип шығылған.

«Қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан соң да билинер» дегениндей ҳәр қандай жынаят жазасыз қалмайды. Солай екен, нызамсыз сырт ел валютасы саўдасы менен шуғылланған пуқаралар өзлери ислеген жынаятына нызам алдында жуўап беретуғынына шубҳа жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги