Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық, 156 өзбекстанлы, тийкарынан ҳаяллар ҳәм балалар Жақын Шығыстағы қураллы соқлығысыўлар аймағынан Өзбекстанға қайтарылды. Олар бүгин, 30-май күни арнаўлы авиарейсте Ташкент қаласына алып келинди.

Алданып қалып, жат журтларға барып қалып, аўыр турмысты басынан өткерген бул адамларға ҳүкиметимиз тәрепинен медициналық, психологиялық, материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиледи. Олардың тыныш өмирге қайтып, жәмийетке ийкемлесиўи, билимлендириў ҳәм социаллық бағдарламаларда қатнасыўы ушын зәрүрли шараятлар жаратылады, баспана ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў илажлары көрсетиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.