29-май күни Президент мектеплериниң рәсмий веб-сайты – pm.xtv.uz иске түсти. Бул веб-сайт арқалы пуқаралар Президент мектеплериниң жумыслары ҳәм өзлерин қызықтырған басқа сораўларға жуўап алыўы мүмкин. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.

Сайтта Президент мектеплериниң Call-center (исеним телефоны), қабыллаў процесси ҳәм басқа мағлыўматлар да орын алған.

Атап айтқанда:

– мектеп ҳаққында;

– STEAM билимлендириў ҳаққында;

– қосымша имканиятлар;

– онлайн қабыллаў;

– тапсырылатуғын ҳүжжетлер;

– бос жумыс орынлары;

– халық билимлендириўине байланыслы жаңалықлар ҳәм т.б.

Веб-сайттың «Оқыў системасы» бөлиминде келтирилиўинше, Президент мектеби интернат тәризиндеги мәмлекетлик билимлендириў мәкемеси есапланып, оқыўшылар ҳәптениң бес күни даўамында (дүйшемби-жума) мектеп аймағында қалып оқыўы талап етиледи.

Барлық оқыўшылар мектеп аймағында дүйшембиден жумаға шекем күни-түни болады, дем алыс күнлери болса ата-аналар перзентлерин үйге алып кетиўи мүмкин (соның менен бирге, оқыўшылар мектеп-интернатта дем лаыс күнлери де қалыўы мүмкин).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.