Усы жылдың 28-май күни саат 04:56 ларда Кегейли районлық Өрт қәўипсизлиги бөлимине шақырыў келип түсти.

Өрт өшириў экипажы шақырыў болған райондағы «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын З.К. ның турақ жайына жетип барғанда, жайдың жоқары бастырмасы ҳәм үй рузыгершилик буйымлары өртенип атырған болған. Бул ҳаққында бизге ҚР Өрт қәўипсизлиги басқармасы аға инженери, лейтенант Айбек Абдирахманов хабар берди.

Өрт өшириўшилер жайдың 86 квадрат метрлик бөлегин өрттен сақлап қалған.

Аймақ турғынлары ҳәм гүўалардың мәлим етиўинше, өрттиң келип шығыўына сол күнги күшли шаққан шақмақ себеп болған.

Ҳәзирги ўақытта материаллық зыян муғдары анықланбақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.