2019-жылдың январь-март айларында Қарақалпақстан Республикасында орташа айлық номинал мийнет ҳақы 1975,4 мың сумды (буның ишинде мийнет ҳақысына үстеме, сыйлық, хошаметлеў төлемлери, компенсация ҳәм исленбеген ўақыт ушын ҳақы, физикалық шахслардың дәрамат салығы, социаллық қамсызландырыў ҳәм кәсиплик аўқамына төлемлер де қосып есапланған – И.М.) қурады. Бул ҳаққында ҚР статистикалық басқармасы хабар берди.

Бул көрсеткиш 2018-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 29,2% ке өскен.

 

Хош, тараўлар кесиминде орташа айлық номинал мийнет ҳақы қандай?

 

Санаат тараўларында – 3418,8 мың сум;

 

Қурылыс тараўларында – 2480,1 мың сум;

 

Саўда тараўларында – 1787,9 мың сум;

 

Тасыў ҳәм сақлаў тараўларында – 2627,7 мың сум;

 

Жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўларында – 1325,1 мың сум;

 

Мәлимлеме ҳәм байланыс тараўларында – 2027,9 мың сум;

 

Банк, қамсызландырыў, лизинг, кредит ҳәм дәл-дәлшылық тараўларында – 3260,6 мың сум;

 

Билимлендириў тараўларында – 1670,6 мың сум;

 

Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў тараўларында – 1517,3 мың сум;

 

Көркем өнер, кеўил ашар ҳәм дем алыс тараўларында – 1545,0 мың сум;

 

Басқа хызмет түрлери бойынша – 1930,6 мың сум.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.