2019-жылдың январь-март айларында Қарақалпақстанда 1,8 мың өлим жағдайы дизимге алынған болып, сәйкес түрде 1000 адамға салыстырғанда өлимшилик коэффициенти 3,9 промиллени қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы хабар берди.

Усы дәўирде қайтыс болғанлардың 59,4% и қан айланысы кеселликлеринен, 13,6% и өсимтелерден, 5,4% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўдан, 4,4% и ас сиңириў органлары кеселликлеринен, 3,4% и дем алыў органларының кеселликлеринен, 1,7% и жуқпалы ҳәм паразитарлық кеселликлерден, 12,1% и басқа кеселликлерден өмирден көз жумған.

Бир жасқа шекемги нәрестелер арасында өлимшилик 0,08 мыңды қурады. Олардың 83,7% и перинатал дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлардан, 1,2% и дем алыў органларының кеселликлеринен, 5% и туўма аномалиялардан, 3,7% и жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлерден ҳәм 6,4% и басқа кеселликлерден шетнеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.