Халқымызда «Қай жериң аўырса, сол жериң жаның»,- деген гәп бар. Ҳақыйқатында да, денсаўлықтың қәдирин қәсте болғанда билесең. Усындай пайытта жәрдем қолын созып, ҳәр қандай кеселликтен саўалландырған денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң мийнетин ҳеш нәрсе менен баҳалап болмайды.

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шыпакер, медицина илимлериниң кандидаты, доцент Жүзмурат Мәмбетов усы тараўда 60 жылға шамалас ўақыт жемисли мийнет етти. Болажақ шыпакер  1937-жылы 5-декабрьде Қараөзек районы «Қарабуға» аўылында дийқан шаңарағында туўылды. Жаслайынан ақ халат кийип, адамларды емлеп, дәртине дәрман болыўды әрман еткен ол Нөкис медицина училищесин питкергеннен кейин өзиниң мийнет жолын Шымбай районындағы аўыллық емлеўханада фельдшерликтен баслады. Бул дәўир халқымыз арасында жуқпалы, соның менен бирге, жуқпалы емес кеселликлер оғада көп тарқалған аўыр жыллар еди. Жас қәниге иш сүзеги, трахома, туберкулез, қызылша сыяқлы кеселликлердиң алдын алыў, наўқасларды емлеў ҳәм оларға биринши медициналық жәрдем көрсетиў жумысларына белсене қатнасты. Усындай қыйын ўақытта үш жыл жемисли мийнет етти.

Ташкент мәмлекетлик медицина институтының педиатрия факультетине оқыўға кириўи балалықтағы шыпакер болыў әрманының иске асыўында дәплепки қәдем болды. Аўыллық емлеўханада топлаған азы-кем тәжирийбеси, соның менен бирге, устазларының баҳалы мәсләҳәтлери тийкарында  денсаўлықты сақлаў тараўының өзине тән сырларын терең меңгериўге бел байлады. Оқыўдан бос ўақытларында теориялық билимлерин әмелиятқа байланыстырған ҳалда Ташкент қаласындағы 15-санлы емлеўхананың кардиология бөлиминде орта буўын медицина хызметкери болып жумыс алып барды. Институтта оқып атырған дәўиринде илимге деген қызығыўшылығы менен көзге түсти. Жоқары оқыў орнындағы илимий дөгеректиң белсенди ағзасы болды, газета-журналларға студентлер турмысынан мақалалар жазып турды. Сол ўақыттағы елимиздеги бирден-бир абырайлы медицина жоқары оқыў орнында алты жыл даўамында билим алып, көп тәжирийбе арттырды.

Институтты табыслы тамамлап келгеннен кейин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине инспектор болып жумысқа қабылланды.  Бул жерде тәжирийбели бас қәнигелер Н.Гафарова, Р.Османова, Д. Каримов, З.Скренбекова, Н.Ешниязовлар менен бирге ислесип, шыпакерлик илиминиң сырларын үйренди. Соңын ала республикалық балалар емлеўханасында, Нөкис қалалық тез жәрдем станциясында нәўбетши-шыпакер, қалалық 1-санлы поликлиникада жас өспиримлер шыпакери, қалалық участка шыпакери, бас шыпакер лаўазымларында мийнет етти.

Өзиниң мийнет жолы даўамында кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оны емлеў темаларында көплеген мақалалары жәрияланды. Республикалық «Билим» жәмийетиниң белсенди ағзасы болды. Жемисли мийнети ушын бурынғы аўқам Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Жас шыпакер 1965-жылы республикамыз аймағында кеңнен тарқалған тырыспай кеселлигиниң алдын алыў, емлеў, 1966-жылы болса, Ташкент қаласында жүз берген жер силкиниў ақыбетлерин сапластырыў жумысларына белсене қатнасты.

Шебер шөлкемлестириўшилик қәбилети, билимли шыпакер сыпатында 20 жыл даўамында республикалық балалар емлеўханасына басшылық етти. Усы дәўирде емлеў орнының материаллық-техникалық базасы беккемленип, қәнигелестирилген жаңа бөлимлер ашылды. Емлеўхананың койкалары 100 орыннан 400 орынға жеткерилди. Клиникалық-биохимия лабораториясы, рентген, физиотерапия, аптека кабинетлери заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Нәтийжеде бул емлеў орны республикалық көлемдеги шөлкемлестириўши-методикалық орай статусына ийе болды. Ташкент, Самарканд, Әндижан медицина институтларының педиатрия қәнигелиги бойынша шыпакерлериниң интернатурадан өтиў базасына айландырылды. Ташкент мәмлекетлик медицина институтының госпитал педиатрия кафедрасында профессор М.Нуриддиновтың басшылығында «өткир-континенталь климат шараятында жоқары дем алыў жолларында стрептококк инфекциялар» темасында кандидатлық диссертациясын табыслы жақлады. Москвалы илимпазлар, академик М.Студеникин, А.Лабинская, ташкентли профессор О.Махмудов, С.Хасановлар илимий мийнеттиң қунлылығына, әмелий жақтан әҳмийетлилигине жоқары баҳа берди.

Усындай мийнетиниң арқасында халық депутатлары Нөкис қалалық кеңесиниң депутаты болып сайланды. Пайтахтымыздағы 166-санлы қурылыс трестиниң санаторий-профилакториясында бас шыпакер болып ислеген дәўиринде қурылысшылардың алғысына сазаўар болды. Оның басламасында бул жерде Веътнам мәмлекети менен биргеликтеги рефлексотерапия қоспа кәрханасы дүзилип, халқымызға шығыс медицинасының дүрданасы усылы жолға қойылып, әмелиятта кең қолланылды.

1992-1993-оқыў жылында республикамызда жаңадан ашылған Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының балалар кеселлиги кафедрасына мирәт етилип, жасларға устазлық етти. Бул филиал қурамындағы туңғыш клиникалық кафедра еди.  Жаңадан ашылған кафедраның баслығы сыпатында оқыў процесин шөлкемлестириўде белсендилик көрсетти. Кәсиплеслери менен бирликте бирден-бир сабақлық қолланба болған А.Мазурин, И.Воронцов авторлығындағы «Балалар кеселликлери пропедевтикасы», медициналық колледжлер ушын «Адам анатомиясы ҳәм физиологиясы», «Госпиталь педиатрия» сабақлықларын рус ҳәм өзбек тиллеринен қарақалпақ тилине аўдарды. Тараўдың әҳмийетли мәселелерине байланыслы 130 дан аслам илимий-әмелий мақала жәриялады.

Соңын ала «Факультатив ҳәм госпиталь педиатрия», «Балалар кеселлиги», «Улыўма әмелий шыпакер» кафедраларының баслығы, филиал директорының оқыў ислери бойынша орынбасары болып, илимий жумыслар, оқыў методикалық қолланбаларды таярлаўда, жәмийетлик жумысларда пидәкерлик мийнети менен көзге түсти. Оның басшылығында кафедра хызметкерлери  пульмонология, ревмокардиология, гематология бағдарында илимий жумыслар алып барды ҳәм газета-журналларда жәрияланды. Усы дәўирде орынланған 3 кандидатлық диссертацияның илимий консультанты, 10нан аслам клиникалық ординаторлардың илимий басшысы болды. Оның илимий-шөлкемлестириўшилик мийнети есапқа алынып, Anthiqa Worid Халықаралық илимлер академиясының Ҳүрметли докторы атағына ийе болды. Ҳәзир дем алыста болыўына қарамастан шәкиртлерине баҳалы мәсләҳәтлерин бериўден шаршамайды. Олар да өз гезегинде устазынан тез-тез хабар алып турады.

-Бүгинги күни ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтың басшылығында денсаўлықты сақлаў системасын буннан былай да жетилистириў, медициналық хызметтиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, халықтың саламатлығын беккемлеў, сапалы дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта,-дейди нураний шыпакер Жүзмурат Мәмбетов.-Әлбетте, тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар халқымыздың бүгинги турмысынан, соның ишинде, көрсетилип атырған медициналық хызметтен разы болып жасаўына, ел-журтымыздың раўажланыўына хызмет етеўи менен де әҳмийетли.

Биз де өз кәсибиниң пидайысы, тәжирийбели шыпакер, әдиўли устаз Ж.Мәмбетовты  Медицина хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлаймыз. Оған беккем денсаўлық, шаңарағына аманлық тилеймиз.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.