Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында мәҳәлле институтын еле де жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп берилген. Усы тийкарғы бағдарлардың бири сыпатында жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет, меҳир-мириўбет, ҳәм аўызбиршиликти қәлиплестириўде, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыўда, сондай-ақ, жасларды руўхый жақтан бай ҳәм физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаў, оларды идеологиялық қәўиплерден қорғаўда мәҳәллелердиң әҳмийети ҳәм абройын еле де арттырыў нәзерде тутылған.
Усы Пәрманда белгилеп берилген тийкарғы ўазыпалардың орынланыўын тәмийинлеў, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының орынлардағы дүзилмелери менен мәҳәллелердиң жумысларын муўапықластырыў бойынша аймақлық кеңеслер арасындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў, пуқаралар жыйынларында руўхыйлық-ағартыўшылық саласындағы жумысларды еле де жетилистириў, усы бағдарда руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша комиссиялардың жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президенти Аппаратының Жәмийет ҳәм диний шөлкемлер менен бирге ислесиў хызметиниң басламасы менен Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеси басқармасы менен бирликте еки күн даўамында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында «Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық жумысларын күшейтиўдиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлери» темасында оқыў семинарлары болып өтти.
Өткерилген усы илажларда қала ҳәм район ҳәкимлериниң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары, ҳаял-қызлар комитетлериниң баслықлары, мәҳәллелердиң жумысларын муўапықластырыў бойынша кеңеслериниң орынлаўшы аппараты хызметкерлери, мәҳәлле басшылары, диний-ағартыўшылық ҳәм әдем-икрамлылық, тәрбия мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша комиссиялардың басшылары, орта арнаўлы ҳәм улыўма билим бериў оқыў орынлары баслықларының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Усы семинар пайтахтымыздағы Жаслар орайында да болып өтти.
Оны қала ҳәкими ўазыйпасын ўақтында атқарыўшы С.Нағметов алып барды.
Илажда Өзбекистан Республикасы Президенти Аппаратының сектор баслығы Н.Норматов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Әлеўов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы Ш.Аяпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген пәрманы ҳәм 28-июльдеги «Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тараўды раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисин кеңнен түсиндирип өтип, мәҳәлле белсендилериниң Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша комиссияларының жумысларын белгилеў, муўапықластырыў, оларға әмелий-методикалық жақтан жәрдем көрсетиў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.
Дәслеп пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша Республика кеңеси басқармасы ҳәм Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы арасында усы жыл 24-октябрьде қол қойылған өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумда белгиленген илажларды мәҳәллелерде избе-излик пенен әмелге асырылыўын тәмийинлеў, бул бойынша оларға әмелий ҳәм методикалық жақтан көмеклесиў системасын қәлиплестириў лазымлығы мәселесине дыққат қаратылды.
Оқыў-семинарда мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық жумысларын еле де раўажландырыў бойынша жуўапкер хызметкерлер алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар, оларды әмелге асырыў механизмлери, усы бағдардағы жумысларда жуўапкер шөлкемлердиң бирге ислесиўин тәмийинлеў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди. Усы бағдарда мәҳәллелердиң жумысларын муўапықластырыў бойынша кеңеслердиң ролин арттырыў, пуқаралар жыйынлары кеңеслериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, жынаятшылық, тынышсыз шаңарақлар, ажырасыўлардың себеплеринен келип шығып. олардың алдын алыўға бағдарланған анық илажларды шөлкемлестириўде мәҳәлле белсендилерин тартыў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
– Өткерилген семинарда бизлер жаслар ҳәм жас өспиримлер арасындағы ҳуқықбузыўшылықлардың, қызларымыздың ерте турмыс қурыўының алдын алыў, оларды тәрбиялы, билимли етип жетилистириў, усы бағдарда оқыў орынлары менен мәҳәллениң бирге ислесиўиниң жаңа механизмлери туўралы кеңнен түсиник алдық. Алдағы ўақытлары реже тийкарында үйренгенлеримизди өз жумысларымызда қолланып, жумысларымызды жетилистиремиз,-дейди Нөкис қалалық 22-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының орынбасары Х.Халмуратова.
Семинар жуўмағында ҳәр бир мәҳәлледе жәмийетлик дүзилмелерди кеңнен тартыў арқалы усы мазмундағы оқыў-семинарлар өткериў, усы тараўда Қарақалпақстан Республикасы тәжирийбесин қәлиплестириў ҳәм топланған унамлы тәреплерин елимиздиң басқа да аймақларына кеңнен енгизиў белгилеп алынды.
Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.