Медиа тараўының бүгини ҳәм келешеги додаланды

Мәлимлеме мәканының жедел раўажланыўы журналистика тараўына да жаңа талап ҳәм жуўапкершиликлерди жүклемекте. Жәмийетлик турмыста ғалаба хабар қуралларының орны барған сайын артып барар екен, әсиресе, жас журналистлердиң билим ҳәм потенциалын раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланбақта. Себеби келешек медиа мәканының келбети әйне бүгинги жас журналистлердиң кәсиплик дәрежеси, көзқарасы ҳәм интакерлигине байланыслы.
Өзбекстан Миллий баспасөз орайында “Жаслар күни” шеңберинде Өзбекстан Журналистлер аўқамы басшылығының жас журналистлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи болып өтти. Бул ушырасыў жас журналистлерди қоллап-қуўатлаў, олардың кәсиплик раўажланыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат бериў және медиа тараўындағы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында мәмлекетимизде жаслар сиясаты шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар, журналистика тараўында жаслар ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм келешектеги жойбарлар ҳаққында сөз болды. Әсиресе, жаслардың дөретиўшилик басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың кәсиплик маманлығын арттырыў ҳәм заманагөй журналистика талапларына сәйкес кадрларды таярлаў мәселелери додалаў орайында болды.
Ушырасыў даўамында жас журналистлер Өзбекстан Журналистлер аўқамының басшылығына өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етти. Сөйлесиў даўамында журналистика тараўындағы перспективалы жойбарлар, медиа орталығындағы жаңа тенденциялар, жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳәм бирге ислесиў имканиятлары бойынша пикир алысылды. Бул болса илаждың тек ғана мәлимлеме бериў емес, ал өз-ара тәжирийбе алмасыў майданына айланғанын көрсетти.
Илажда ҳәр қыйлы ғалаба хабар қуралларында жумыс алып барып атырған жас журналистлер ҳәм журналистика бағдарында оқып атырған студентлер қатнасты. Ашықтан-ашық сөйлесиў даўамында жаслар тараўдағы бар машқалалар, жаңа имканиятлар ҳәм перспективалы идеялар бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Бүгинги күнде журналист тек ғана ўақыяны сәўлелендириўши емес, ал жәмийетте пикирди қәлиплестириўши, машқалаларға шешим излеўге түртки бериўши әҳмийетли шахс есапланады. Сол себепли жас журналистлердиң кәсиплик таярлығы, сын көзқарастан пикирлеўи ҳәм социаллық жуўапкершилиги айрықша әҳмийетке ийе. Бундай ашықтан-ашық сөйлесиўлер болса жаслардың тараў ўәкиллери менен тиккелей пикир алысыўы, тәжирийбе арттырыўы ҳәм өз жумысын және де раўажландырыўына хызмет етеди.
Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жаслар сиясаты жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыў ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларында да өз потенциалын көрсетиўи ушын кең имканиятлар жаратпақта. Жас журналистлер менен өткерилип атырған бундай ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер болса медиа тараўының келешектеги раўажланыўы ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди. Себеби, белсенди, билимли ҳәм жуўапкершиликли жас журналистлер – жәмийеттиң қалыс ҳәм исенимли мәлимлеме дереги.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы