Жасалма интеллектке байланыслы қатнасықлар тәртипке салынады (+видео)

Соңғы жыллары елимизде жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм кеңнен қолланыў, санлы мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятын ҳәм олардың сапасы жоқары дәрежеде болыўын тәмийинлеў, бул тараўда маман кадрлар таярлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, жасалма интеллект түсинигине нызам дәрежесинде тәрийп бериў, мәлимлеме ресурсларын жаратыўда ҳәм жасалма интеллект технологиялары тийкарында ислейтуғын мәлимлеме системаларының жумысында жасалма интеллекттен пайдаланыўға байланыслы улыўма қағыйдаларды белгилеў, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда шахсқа байланыслы мағлыўматларды нызамға қайшы түрде қайта ислегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
Усы Нызам менен “Мәлимлемелестириў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўдың улыўмалық тийкарларын белгилеўге және бул тараўдағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның ўәкилликлерин анықластырыўға қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Муҳайё Турдалиева, ӨзА