Шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм кибержынаятларға қарсы гүресиў жетилистириледи

Президент Шавкат Мирзиёев 12-март күни кибержынаятлар ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў және мәлимлеме технологияларынан пайдаланып исленетуғын ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
Бүгинги күнде елимизде интернет тармағында мәлимлеме тарқатыў ҳәм мағлыўмат излеў имканиятлары кеңеймекте. Соның ишинде, Өзбекстанда интернеттен пайдаланыўшылардың саны 31 миллионнан артқан болып, соннан 14 миллионы социаллық тармақлардан белсене пайдаланбақта.
Соның менен бирге, ҳуқықбузарлардың интернет ҳәм социаллық тармақлардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыў жағдайлары күн сайын артып бармақта.
Атап айтқанда, соӊғы алты жылда елимизде кибержынаятлар бойынша мүрәжатлар саны 48 есеге артқан. Өткен жылы жүз берген алдаўшылық жынаятларының 82 проценти, урлық жынаятларының 76 проценти кибермәканда исленген. Олар арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген материаллық зыян 2 триллион сумнан артқан.
Атап өтилгениндей, мәлимлеме технологияларынан пайдаланып исленип атырған ҳуқықбузарлықлардың кескин көбейип баратырғаны миллий нызамшылыққа усы түрдеги жынаятлар ушын жаза илажларын аўырластырыў ҳәм кибержынаятлардың жаңа түрлери ушын жуўапкершилик белгилеў бойынша нормаларды киргизиў ўақты келгенин көрсетпекте. Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятлар ҳәм көплеген пуқараларға зыян келтирип атырған “финанслық пирамида” ушын жаза илажларын күшейтиў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Пуқаралардың өз атына рәсмийлестирилген электрон төлем қураллары ҳәм абонент номерлеринен пайдаланыўда жеке жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде өз атындағы электрон төлем қуралы, криптокошелёк, SIM-карта ҳәм электрон аккаунтлардан кибержынаят ислеўде пайдаланыўға жол қойғаны ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгилеў усыныс етилди.
Бүгин әҳмийетли мәлимлеме инфраструктурасы объектлерине қарсы қаратылған киберҳүжимлер нәтийжесинде үлкен унамсыз ақыбетлерге ҳәм материаллық зыян келтириўши киберҳүжимлер глобаллық түс алып, республикамызда да бақланып атырғанын атап өтиў керек. Бул болса юридикалық тәреплер өз қарамағындағы мәлимлеме системаларының қәўипсизлигин бүгинги күндеги заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип тәризде жетилистирип барыўын ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыўын талап етпекте.
Соған бола, юридикалық шахслар тәрепинен мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизлик талапларына әмел етпегени ушын ақыбет келип шыққан-шықпағанына қарамастан, ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў усыныс етилди.
Бул әмелият аралықтан финанслық хызметлерди көрсетиўши банклерге де тийисли болып, олар да өз системаларында алдаўшылықлардың алдын алыў бойынша қорғаў ҳәм қәўипсизлик илажларын турақлы түрде жетилистирип барыў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.
Атап айтқанда, өткен жыллары 3 банк системасындағы әззилик себепли 3025 қарыйдарға 17 миллиард сум материаллық зыян жеткерилген.
Усы көзқарастан, коммерциялық банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлери мәлимлеме қәўипсизлиги және киберқәўипсизлик талапларына әмел етпегени нәтийжесинде жүз берген кибержынаят ақыбетинде жүзеге келген материаллық зыян ушын жуўапкершиликти нызамлы түрде беккемлеў басламасы алға қойылды.
Презентацияда шөлкемлескен жынаятшылықтың жүз бериў түрлери ҳәм усыллары жаңаланып атырғаны көрсетип өтилди.
Шөлкемлескен топарлар тәрепинен жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын ашықтан-ашық менсинбей, өзин нызамнан үстин қойып, бийзарылық жынаятларын ислегенлиги ямаса бийзарылық жынаятының аўыр түрлеринен бири – оқ атар қуралын көрсетип ямаса оны қолланып және қайта ислегени, сондай-ақ, жәмийетлик тәртипти сақлаў ўазыйпасын атқарып атырған ҳәкимият ўәкилине қарсылық көрсеткен ҳалда исленгени ушын жаза илажлары ҳәзирги күнде жетерли тәсир күшине ийе емес екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, соңғы ўақытлары жаўынгерлик (аралас) спорт түрлери бойынша жасырын түрде нызамсыз беллесиўлер шөлкемлестирилип, оларда жаслардың қатнасып атырғаны бақланбақта. Бирақ бүгинги күнде бул ушын жуўапкершилик илажларының жоқ екенлиги көрсетип өтилди.
Сонлықтан, нызам ҳүжжетлерине мине усындай қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, оларға қарсы аяўсыз гүресиў, бундай иллетти пүткиллей жоқ етиўге қаратылған нормаларды киргизиў ўақты келгени атап өтилди.
Аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынаятларды ислеў мақсетинде жынайый бирлеспе шөлкемлестиргенлик, оны қаржыландырғанлық, олар тәрепинен исленген жынаятларды жасырыўға қәўендерлик еткенлик, жаўынгерлик спорт түрлери бойынша жарысларды нызамсыз шөлкемлестиргенлик ҳәм өткергенлик ушын жынайый жуўапкершиликти белгилеўши, бийзарылық жынаяты ушын жаза илажларын күшейтиўди нәзерде тутыўшы, сондай-ақ, нызамға қайшы түрде шөлкемлестирилген жаўынгерлик спорт түрлери бойынша жарысларда қатнасқанлық ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеўши нормаларды киргизиў усыныс етилди.
Додаланған бағдарлар бойынша ислеп шығылған мәлимлеме технологияларынан пайдаланып исленетуғын ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў және шөлкемлескен ҳәм жәмийетлик орынлардағы жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң жынайый-ҳуқықый механизмлерин буннан былай да күшейтиўге қаратылған нызам жойбарлары таныстырылды.
Президентимиз усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА