Подполковник Саёра

Саёраның бул кәсипке ықлас қойыўы тосыннан болғаны жоқ. Ҳуқық қорғаў хызметкерлери жетилисип шыққан шаңарағында 1999-жылы әжағасы Полат ИИМ Акедемиясына оқыўға кирип, форма кийип үйине келген ўақытта кишкене ғана он жаслы қыздың кәсипке деген қызығыўшылығы оянған еди. «Үлкейсем менде форма кийип, милиция боламан» деп ата-анасына айтқанларын ол бүгин қуўанышлы түрде еслейди.
Арзыўлар әмелге асып, шымбайлы қыз Саёра Кулимбетова Өзбекстан Республикасы ИИМ Академиясына оқыўға киреди. Шаққан ҳәм жуўапкершиликти биринши орынға қоятуғын қыз 2015-жылы оқыўды табыслы тамамлап, өзиниң мийнет жолын Ишки ислер министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районлық бөлиминде тергеўши лаўазымында жумыс ислеўден баслайды.
Ҳаял-қызлардың ҳуқық қорғаў уйымлары тараўында жумыс алып барыўы әлбетте аңсатлық пенен болмайды. Форма кийип, ҳәўесиңди арттырғандай болып жүретуғын гөззал ҳаял-қызлардың ерлер менен бир сапта турып өзине тән болған қыйыншылықты жеңип, жуўапкершилик пенен жумыс алып барыўы ҳәр қандай мақтаў сөзлерге арзыйды. 2019-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жәмәәтлик қәўипсизлик хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ислесиў бөлиминиң инспекторы лаўазымында жумыс алып барып атырған Саёра әне усындай жуўапкершиликти мойнына алып, өзиниң кәсипке деген ықласы менен көзге түсип келмекте.
Өзине берилген тапсырмаларды ўақтында булжытпай орынлап, ишки ислер уйымлары тараўында хызмет етиў даўамында әмелий тәжирийбе арттырып, хызмет ўазыйпасына жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы нәтийжесинде кәсиплеслериниң ҳүрметине ерисип, жуўапкершиликли хызметкер сыпатында тараўда хызмет етип атырған бир неше жасларға устазлық етип келмекте.
Ол жумыс алып барып атырған бөлимде жумыслар жақсы нәтийжелер менен көзге тасланады. Соның ишинде, Ишки ислер уйымлары ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимлери тәрепинен өткен 2025-жылы республикамызда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў ҳәм олардың алдын алыў бойынша бир қатар системалы профилактикалық илажлар өткерилди. Әмелге асырылған профилактикалық илажлар нәтийжесинде республикада ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлардың саны 55 ке ямаса 29,4 процентке (132/187) азайыўына ерисилди.
Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың ҳуқықый-психологиялық саўатлылығын арттырыў мақсетинде шөлкемлестириўшилик илажлар әмелге асырылып, “Ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың алдын алыў”, “Турмыс,” “Қәўипсиз шаңарақ” арнаўлы профилактикалық илажлары, “Биз алдаўшылыққа қарсымыз,” “Биз зорлыққа қарсымыз,” “Алдаўшылыққа жол жоқ,” “Зорлыққа қарсы 16 күн” атамасында республикамыз бойлап мәҳәлле ҳәм шөлкем, кәрханаларда акциялар өткерилди. Әлбетте, шаңарақ уйтқысы ҳәм жәмийетимизде айрықша орны бар ҳаял-қызларымыз ушын өткерилген бул илажлардың алып барылыўында Саёраның пидайлық пенен алып барған мийнетлери мақтаўға ылайықлы.
– Мен шаңарағымызда бесинши милицияман. Негизи балалығымда фармацевт болмақшы едим. Өзим ҳәўес етип усы кәсипти таңлаўыма себепши болған Полат ажағамнан соң Ғайрат, Баҳадыр, Самат ажағаларым да ишки ислер министрлиги тараўында жумыс алып бармақта. Менде ағаларым сыяқлы кәсибиме сүйиспеншилигим жоқары. Бул кәсип мениң өмирим мазмунына айланған, – дейди ол.
Саёра жәмийетте форма кийген ишки ислер хызметкери болса, шаңарағында өмирлик жолдасы Рахим Саттаров пенен ул-қызларын тәрбиялап, камалға келтирип атырған меҳрибан ана. Рахим де айрықша жағдайлар басқармасында жумыс алып бармақта. Қырғыз қызы менен қарақалпақ жигитиниң шаңарағы бүгин халықлар дослығының жемиси болған перзентлериниң бахытлы күнлери менен толы.
Жақында ғана елимизде кең түрде белгиленген 8-март – Ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында Саёра Кулимбетова Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң арнаўлы буйрығы менен хызмет лаўазымында берилген тапсырмаларды өз ўақтында орынлап, нәтийжели жумыс алып барғанлығы ушын мүддетинен алдын подполковник шени тапсырылды.

Байрам қабатында берилген дәреже ҳәм исеним оны кәсипке деген қызығыўшылығын және де арттырып, бүгин ол ҳәр дайымғыдан да шаққанласып, тараўда алып барылып атырған жумысларда және де үлкен нәтийжелер көрсетиўге бел байлаған. Оған бул жолда мәртлик ҳәм пидайылық бәрқулла жолдасы болып, үлкен табысларды қолға киргизиўине тилеклеспиз.
Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги